|
ЖОО, билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигелик аты |
Бирге ислесиўши шет ел жоқары оқыў орны аты |
Төлемли- контракт тийкарында қабыллаў көрсеткишлери |
Билимлендириў формасы |
Билимлендириў тили |
Оқыў мүддети |
|
|
Бакалавриат |
|
|||||
|
Қурылыс материаллары, буйымлары ҳәм конструкцияларын ислеп шығарыў |
Россия Федерациясының Москва мәмлекетлик қурылыс миллий изертлеў университети |
10 |
Күндизги |
рус |
4 жыл |
|
|
Инженерлик коммуникациялары қурылысы ҳәм монтажы (түрлери бойынша)
|
10 |
Күндизги |
Рус |
4 жыл |
||
|
Архитектура (түрлери бойынша)
|
10 |
Күндизги |
Рус |
4 жыл |
||
|
Магистратура |
|
|||||
|
Биналар ҳәм иншаатлар қурылысы (түрлери бойынша) |
Россия Федерациясының Москва мәмлекетлик қурылыс миллий изертлеў университети |
4 |
Күндизги |
Рус |
2 жыл |
|
|
Қурылыс материаллары, буйымлары ҳәм конструкцияларын ислеп шығарыў
|
4 |
Күндизги |
Рус |
2 жыл |
||
|
Суў тәмийнаты, канализация, суў ресурсларын қорғаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў
|
4 |
Күндизги |
Рус |
2 жыл |
||
|
Бина ҳәм иншаатлар архитектурасы
|
4 |
Күндизги |
Рус |
2 жыл |
||
|
Тарийх (бағдарлар ҳәм мәмлекетлер бойынша) |
Россия Федерациясының Астрахань мәмлекетлик университети |
4 |
Күндизги |
Рус |
2 жыл |
|
|
Әдебияттаныў: рус әдебияты
|
4 |
Күндизги |
Рус |
2 жыл |
||
|
Органикалық емес элементлердиң химиялық технологиясы (ислеп шығарыў түрлери бойынша) |
Белорусь Республикасының Белорусь мәмлекетлик технология университети |
4 |
Күндизги |
Рус |
2 жыл |
|
|
Химиялық технология процесслери ҳәм аппаратлары (ислеп шығарыў түрлери бойынша)
|
4 |
Күндизги |
Рус |
2 жыл |
||
Бул қәнигеликлердиң питкериўшилери еки дипломға ийе болады, яғный, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм де дизимде аты көрсетилген жоқары оқыў орынларының дипломларын алыўға миясар болады.
Қабыллаў комиссиясына 2019-жылдың 1-августинен 10-август сәнесине шекем төмендеги ҳүжжетлерди усыныўы керек:
– Ректор атына арза;
– 3,5 х 4,5 см өлшемдеги 6 дана реңли фотосуўрет;
– Паспорт түп нусқасы ҳәм 2 дана көширмеси;
– Бакалавр тәлим бағдарларына ҳүжжет тапсырыў ушын улыўма орта билимлендириўди (11-класс тийкарында) тамамлағанлығы ҳаққында ҳүжжет ямаса орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў мәкемесин тамамлағанлығы ҳаққындағы ҳүжжет ҳәм оның қосымшасының түп нусқалары;
– Магистратура қәнигеликлерине ҳүжжет тапсырыў ушын тийисли қәнигелик бойынша бакалавр дипломы баҳалар қосымшасы менен түп нусқада.
Арза бланкасын ҚМУ ректоры атына (рус тилинде) ҚМУ – Россия Федерациясы, Москва мәмлекетлик қурылыс миллий изертлеў университети, Россия Федерациясы, Астрахань мәмлекетлик университети, Белорусь Республикасы, Белорусь мәмлекетлик технология университети қоспа бағдарламасының қабыллаў комиссиясынан алыўы мүмкин.
Абитуриентлерди таңлап алыўда олардың рус тилин ҳәм тапсыратуғын қәнигелиги бойынша билим дәрежеси белгиленеди. Таңлаў имтиханлары рус тилинде әмелге асырылады.
☎️ Мағлыўмат ушын телефонлар:
? +99861 223-60-19
? +99861 223-66-55

