Өзбекстан Республикасы билимлендириў орынларына қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы тәрепинен тастыйықланған 2019-жыл тест сынақлары еслетпесине муўапық студентлер қатарына қабыллаў ушын усыныс етилген жоқары оқыў орны (университет, институт)на усыныўы керек болған ҳүжжетлер дизими:
✅ 1. Ректор атына арза;
✅ 2. Паспорт нусқасы 4 дана (түп нусқасы көрсетилген ҳалда);
✅ 3. Диплом яки аттестат (қосымшасы менен бирге) түп нусқасы;
✅ 4. Тил билиў дәрежесин тастыйықлаўшы сертификат түп нусқасы;
✅ 5. 3,5х4,5 фото 12 дана;
✅ 6. Ҳүжжетлер жыйындысы (папка скоросшиватель);
✅ 7. Конверт А5 форматында;
✅ 8. Талабалар турар жайына (жасаў шараяты аўыр ҳәм кем тәмийинленгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжети бар студентлер ушын) арза;
✅ 9. Жеңиллик тийкарында студентликке усыныс етилгенлер ушын (жеңиллик бериўши ҳүжжеттиң түп нусқасы).
☝️ Усыныс: Дүйшемби күнинен баслап қайсы ЖОО (жоқары оқыў орны)на қабылланған болсаңыз, сол жоқары оқыў орнына жоқарыдағы келтирилген ҳүжжетлерди тапсырыўыңыз шәрт. Илажы болғанынша, сол ЖООның веб-сайты ҳәм социаллық тармақлардағы бетлерин бақлап барың!