Усы жылдың 6-8 сентябрь күнлери аралығында Ташкент қаласында Азия жаслар конференциясы өткерилди. Конференцияда Өзбекстан Республикасының барлық жоқары оқыў орынларынан, сондай-ақ, Қырғызстан, Қазақстан ҳәм басқа да қоңсы мәмлекетлерден делегатлар қатнасты.
Онда қатнасыўшылар туризм, социаллық турмыс, I.Т, экология, экономика ҳәм ҳуқық жөнелислери бойынша жаңа жойбарларды ислеп шықты. Олар усы таңлаған тараўлары бойынша машқалаларды үйренип, оларды сапластырыў ҳәм тараўды еле де раўажландырыў бойынша пикир-усынысларын билдирди.
Конференция жуўмағында университетимиз студентлериниң экология жөнелисиниң ислеп шыққан жойбары жеңимпаз деп табылды ҳәм материаллық (ақшалай) хошаметленди. Команда ағзалары бул сыйлықты Меҳрибанлық үйлерине саўға етип тапсырыўды режелестирди.
Усы мүнәсибет пенен жаслар усы жылдың 11-сентябрь күни Хожели районында жайласқан 1-санлы Меҳрибанлық үйине илаж шөлкемлестирди. 6-сентябрь – «Кураш» миллий спорты күни»н жоқары дәрежеде белгилеп атырған тәрбияланыўшыларға студентлер байрам саўғаларын тапсырды. Илажда Меҳрибанлық үйи директоры С.Сон шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады ҳәм жыйналғанларға усындай итибар ҳәм ғамхорлық ушын шексиз миннетдаршылығын билдирди. Илаж тәрбияланыўшылар тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Гөззал Жалгасова,
Санаат-технологиясы факультети 2-курс студенти.
