#Хош_хабар  ҚМУ студенти Токио олимпиадасына жолламаны қолға киргизди

Усы жылдың 14-22-сентябрь күнлери аралығында Қазақстанның Нур-Султан қаласында спорт гүреси бойынша гезектеги жәҳән чемпионаты өткерилмекте. Бул чемпионаттың өзгешелиги, онда келеси жылы Токиода өткерилетуғын XXXII жазғы олимпиада жолламасы да ойналады.

Дәслеп гилемде грек-рим гүреси шеберлери беллести. Биз ушын қуўанарлы тәрепи, жерлесимиз, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети дене мәденияты факультетиниң 4-курс студенти Жалғасбай Бердимуратов 77 килограммға шекемги салмақ категориясында қола медалын қолға киргизиў менен бирге олимпиада жолламасын да жеңип алды. Чемпионатты венгриялы Тамаш Лёринцтен жеңилис пенен баслаған ол өтиў турниринде украиналы Володимир Яковлиев ҳәм литвалы Паулиус Галкинасларды тәслим етип, үшинши орын ушын болған беллесиўде гилем ийеси, қазақстанлы Асхат Дилмухаммедов пенен күш сынасты. Кескин гүреслер астында өткен беллесиўде 3:1 есабында Жалғасбайдың қолы бәлент келди.

Қараөзек районында дүньяға келген Жалғасбай Бердимуратов бир неше жыл даўамында тренери Рустем Ерназаровтың қол астында спорттың гүрес түрлери менен шуғылланып келген. 2016-жылы Өзбекстан чемпионы атағын жеңип алған ол университетимизге тест сынақларысыз қабыл етилген еди. Өткен жыллар ишинде Жалғасбай Өзбекстан сайланды командасы қурамында жоқары нәтийжелерди қолға киргизди. Атап айтқанда, быйыл 24-февральда Хорватияда өткерилген халықаралық турнирде жеңимпаз атанған болса, 15-18-июнь күнлери жаслар арасында Қытай Тайбэйиниң Тайчжун қаласында болып өткен Азия чемпионатында сыйлы екинши орынды ийеледи.

Университетимиз студенти Ж.Бердимуратов Токио олимпиадасында да мәмлекетимиздиң байрағын жоқары көтериўине исенемиз.

Баспасөз хызмети.

   

Пайдалы дереклер