Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети 2020-жыл ушын төмендеги қәнигеликлер бойынша мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан таяныш докторантураға (PhD) ҳәм докторантураға (DSc) талабанларды қабыллайтуғынын дағазалайды!

Таяныш докторантураға (PhD)

01.04.10-Ярым өткизгишлер физикасы-1 орын;

03.00.06-Зоология-1 орын;

03.00.08-Адам ҳәм ҳайўанлар физиологияси-2 орын;

03.00.10-Экология-1 орын;

07.00.05-Археология-1 орын;

08.00.04-Аўыл-хожалық экономикасы-1 орын;

08.00.13-Менежмент-2 орын;

10.00.03-Қарақалпақ тили-2 орын;

10.00.12. Қарақалпақ әдебияты-2 орын;

11.00.01-Табиий география-1 орын;

11.00.02-Экономикалық ҳәм социаллық география-1 орын;

12.00.02-Конституциялық ҳуқық. Ҳәкимшилик ҳуқықы. Финанс ҳәм бажыхана ҳуқықы-1 орын;

Докторантураға (DSc)

03.00.06-Зоология-1 орын;

03.00.10-Экология-1 орын;

 

Таяныш докторантураға (PhD) талабанлар төмендеги ҳүжжетлерди усынады:

– арза;

– қысқаша биографиялық мағлыўматнама;

– мийнет дәптершесинен белгиленген тәртипте тастыйықланған көширме (ислеп атырғанлар ушын);

– жоқары оқыў орны магистратурасы дипломы, жоқары мағлыўмат (қәнигелик бағдарлары бойынша) ҳаққындағы диплом нусқасы;

– баспадан шыққан илимий ислер дизими, сондай-ақ олардың нусқалары;

– Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик стипендиясы жеңимпазлары ушын тийисли ҳүжжет нусқасы.

 

Докторантураға (DSc) талабанлар төмендеги ҳүжжетлерди усынады:

– арза;

– қысқаша биографиялық мағлыўмат;

– мийнет дәптершесинен белгиленген тәртипте тастыйықланған көширме (ислеп атырғанлар ушын);

– жоқары мағлыўмат, илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) яки шет ел мәмлекетлеринде оған теңлестирген илимий дәрежеге ийе болғанлығы ҳаққында диплом нусқасы;

– изертлеў жумысы бойынша илимий баянат ҳәм илим докторы (DSc) илимий дәрежесин алыў ушын таярланған докторлық диссертациясы режесиниң толық режеси;

– баспадан шыққан илимий ислер дизими, сондай-ақ олардың нусқалары;

 

 Жоқарыдағы қәнигеликлер бойынша 2020-жыл ушын өз бетинше излениўшилердиң де ҳүжжетлери қабылланады.

 

Мәнзил: Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Академик Ч.Абдиров көшеси, 1-жай. Телефон: +99861-223-60-62.

Ҳүжжетлер 2019-жылдың 15-сентябринен 15-октябрине шекем қабылланады.

Пайдалы дереклер