Уллылар уллысы – Устаз!

Муғаллим сондай ардақлы кәсип,
Жандай сүйгенлерге ол болар несип,
Оқыўшылар алдында дәрьядай тасып,
Булақтай ағады Устаз-муғаллим.

Ҳәр бир инсан өмир жолында ерискен жетискенликлерине мен өзим өз күшим менен еристим деп ойлайды, бирақ, ҳәр биримиздиӊ жетискенликлеримиз, алған алғысымыздың бәршеси қымбатлы ҳәм әзиз устазларымыздың мийнетлериниң арқасында.
Бизлердиӊ өмир атлы узын жолымызда өз жолымызды таўып, кәмил ҳәм жетик инсан болып жетилисиўимизде өзлериниң үгит-нәсиятларын, күш-ғайратларын, билимлерин аянбай үйретип келмекте.
Дүнья имаратлары ишинде еӊ уллысы мектеп болса, кәсиплер ишинде еӊ уллысы устазлық кәсиби. «Устаз-атаӊдай уллы» де пата-бабаларымыз бийкарға айтпаған. Себеби, әке перзентин дүньяға келтирген болса, устаз оған адамгершилик пазыйлетинен сабақ берген.

Мәмлекетимиздиӊ бүгинги дүнья шеӊберинде өз орнын ийелеп, тәлим, мәденият, спорт ҳәм басқа да тараўлар бойынша өз куш-қүдиретин көрсетип, жоқары көтерилиўинде устазларымыздыӊ мийнети айрықша.  
Биз ҳәр бир жетискенлигимизден мақтаныш етип жүрер екенбиз, буныӊ арқасында устазларимыздыӊ берген билимлери, машақатлары мийнетлерин умытпаўымыз керек.
Байрам мүнәсибети менен әзиз устазларымызды, пейили кеӊ, кеўили аспан, меҳри дәрья меҳрибанларымызды шын жүректен қутлықлайман.

Сизлер тәрбиялайсыз өмир нәўшесин,
Муғаллимге бул не деген исеним!
Жас санаға ақыл-нәсият жеткериӊ,
Халық суйенген инсан устаз-муғаллим.

Журт басшымыз сизлерге дыққатын бөлер,
Билим-кәсип ийелеў еӊ жақсы өнер,
Талмасын сиздеги күш-ғайрат, жигер,
Жас әўлад бағманы, устаз-муғаллим.

Айымхан Аралбаева,

Архитектура факультетиниң 3-курс студенти.

Пайдалы дереклер