Усы жылдың 28-сентябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Кеңесиниң (2-санлы) мәжилиси болып өтти.
Оны университет ректоры А.Реймов басқарып барды.
Мәжилиске университет проректорлары, бөлим баслықлары, деканлар ҳәм кафедра баслықлары қатнасты.
Дәслеп ҚМУ ректоры А.Реймов университеттиң барлық профессор-оқытыўшыларын 1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» улыўмахылықлық байрамы менен қызғын қутлықлады. Соң ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы қарсаңында «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағын алған ярым өткизгишлер физикасы кафедрасының баслығы, профессор Қ.Исмайловты, ҚМУ кеңесиниң усынысы менен профессор илимий атағын алған З.Реймованы, және, илим докторы илимий дәрежелери тастыйықланған Д.Утебаев, О.Гайлиева, Я.Аметовларға «Ҳүрмет жарлық»лар тапсырылды.
Буннан соң, сайлаў мүддети питкен ҳәм бос турған лаўазымлар ушын жәрияланған таңлаўдың жуўмақлары еситтирилди.
Сондай-ақ, кеңес мәжилисинде университетте орынлаў интизамын беккемлеў мәселелери ҳаққында университеттиң Ишки қадағалаў ҳәм мониторинг бөлиминиң баслығы У.Асановтың баянаты, биология факультетинде оқыў, илимий-изертлеў, тәлим-тәрбия ислери бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында факультет деканы Я.Аметов есабаты, биология факультетинде мəмлекетлик тəлим стандартлары, оқыў режелери ҳəм бағдарламаларының қатаң орынланыўы, факультет деканларының алдыңғы педагогикалық технологияларды енгизиў, илимий-изертлеў, тәлим-тәрбия жумысларын жолға қойыў бағдарында алып барып атырған жумыслары ҳаққында комиссия баслығы У.Асановтың мәлимлемеси тыңланды.
Кеңес мәжилиси ағымдағы мәселелер менен өз жумысын жуўмақлады.
Баспасөз хызмети.
