Шет тиллери факультети инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасында шет тиллерин үйрениў ҳәм үйретиў бағдарын және де жақсылаўға бағдарланған илимий-әмелий семинар болып өтти.
Семинарда инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының ассистенти «Ел-юрт умиди» фонды арқалы Англияның Норвич тил үйретиў институтында өз тәжирийбесин арттырып келген профессор-оқытыўшылардың бири З.Худайбергенова инглис тилинде заманагөй технологиялардың қолланылыўы, оның әҳмийети ҳәм орны ҳаққында презентация иследи.
Ол өз презентациясында топлаған тәжирийбесин профессор-оқытыўшылар менен бөлисти.
Сондай-ақ, оқытыўда қолланылатуғын заманагөй методлар, олардың үйрениўшиге тәсири ҳаққында профессор-оқытыўшылардың пикир-усынысларын тыңланды ҳәм олар менен өз ара тәжирийбе алмасты.
Д.Бадирова,
Инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының ассистенти.
