Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети математика факультетинде 1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар куни» байрамы мүнәсибети менен салтанатлы ушырасыў кешеси болып өтти.
Кешени факультет деканы доц. Ж.Сейпуллаев басқарып барды.
Ушырасыў кешесинде факультеттиң 1-курс студентлери нураный устаз профессор-оқытыўшылар менен ушырасып, устазларының баҳалы үгит-нәсиятларын тыңлаўға миясар болды.
Кеше соңында студентлер өзлери таярлап келген қосық қатарларын оқып берип, устазларын байрам менен қызғын қутлықлады.
К.Бегжанова,
Факультет ҳаял-қызлар шөлкеминиң баслығы.
