Белгили илимпаз, профессор К.Байманов 70 жаста

Усы жылдың 5-октябрь сәнесинде Бердақ миллий музейинде белгили илимпаз, техника илимлериниң докторы, профессор Кеңесбай Баймановтың туўылғанына 70 жыл толыў мүнәсебетине байланыслы кеше шөлкемлестирилди.

Илажды ҚМУдың илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов басқарып барды.

Кешеде К.Баймановтың заманлас жора-жолдаслары, жақынлары, университет жәмәәти ҳәм шәкиртлери қутлықлап, К.Баймановтың илим, билимлендириў тараўында еткен үлкен мийнетлерин атап өтти.

Кеңесбай Байманов 1949-жыл 17-июльда Қарақалпақстан Республикасы  Шымбай районында туўылған. Ол орта мектепти табыслы тамамлағаннан соң 1965-жылы Ташкент аўыл хожалығын ирригациялаў ҳәм механизациялаў инженерлери институтының гидротехникалық сооружениелер факультети «Сооружениелердиң ҳәм гидроэлектростанциялардың гидротехникалық қурылысы» қәнигелигине оқыўға кирип, оны 1970-жылы табыслы тамамлады.

Буннан соң ол 1970-1971-жыллары «Тахиаташгидроэнергострой» басқармасында тийкарғы сооружение қурылысы мастери, 1971-1992 жыллары Орта Азия ирригация илим-изертлеў институтының Қарақалпақстан бөлиминде аға инженер, бөлим баслығы, үлкен илимий хызметкер лаўазымларында иследи. 1992-1995-жыллары Ташкент архитектура-қурылыс институтының Нөкис филиалы улыўма техника факультетинде үлкен оқытыўшы, «Улыўма техникалық пәнлер» кафедрасының баслығы, кейин бул факультеттиң Қарақалпақ мәмлекетлик университетине инженерлик қурылысы факультети болып қосылыўына байланыслы 1995-1998 жыллары «Суў тәмийнаты ҳәм канализация» кафедрасы баслығы, 1998-2000 жылларда САНИИРИдиң Қарақалпақстан филиалының илимий ислер бойынша директор орынбасары лаўазымларында иследи. 2000-2004 жыллары Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогика институтының «Улыўма техника ҳәм кәсиплик тәлим» кафедрасында доцент лаўазымында иследи.

2004-2009 жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң физика-техника факультетинде «Улыўма қурылыс» кафедрасы баслығы ҳәм 2009-жылдан баслап техника факультетинде, соң архитектура факультетиниң «Қала қурылысы ҳәм хожалығы» кафедрасында профессор лаўазымында жемисли жумыс ислеп келмекте.

К.Байманов 1990-жылы Москва қаласындағы А.Н.Костяков атындағы пүткил аўқамлық Гидротехника ҳам мелиорация илимий изертлеў институтындағы қәнигелестирилген кеңесте «Гидравлический и наносный режимы каналов приплотинном водозаборе на реке Амударье и рекомендации по их расчету» атамасындағы кандидатлық диссертациясын, 2006-жылда  Ташкент  ирригация ҳәм мелиорация институтындағы К.120.06.02 санлы бирлестирилген қәнигелестирилген кеңесте «Закономерности движения и методика расчета открытых взвесенесущих потоков в нижнем течении реки Амударьи» атамасында 05.23.16-«Гидравлика ҳәм инженерлик гидрология» қәнигелиги бойынша докторлик диссертациясын табыслы жақлады.

Ол САНИИРИде ҳәм ҚМУда мийнет еткен дәўиринде 30 темадан артық көплеген мәмлекетлик бюджет, шет еллик грантлары ҳәм хожалық шәртнамалары тийкарында илим изертлеў жумысларын орынлады.

Атап айытқанда К.Баймановтың илим-изертлеў жумыслары тийкарынан Әмиўдәрьяға бириншилерден болып Тақыятас (1974ж) ҳәм Түйемойын (1982ж) гидроузеллериниң қурылғанынан кейинги дәрьяның гидрологиялық, гидравликалық ҳәм өзен қубылыслары режимлериниң кескин өзгериў жағдайлары нызамларын ҳәм олардың плотинаның өзине, жоқары ҳәм төменги бъефлериндеги ылай шөгиў, жуўылыў деформацияларына, суў алыўшы сооружениелерге ҳәм үлкен каналлардың жумыс режимлерине тәсир етиўин көп жыллар даўамында жаңа шараятларда натурада үйрениўге ҳәм тийисли илажлар ислеп шығыўға бағышланған.

К.И.Байманов Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 30 жылдан көбирек ўақыт ишинде доцент, кафедра баслығы ҳәм профессор лаўазымларында ислеп өзиниң көп жыллық билимин, илимий ҳәм практикалық тәжирийбелерин жаңа дәўирдеги студентлерди оқытыўда пайдаланып сабақ өтип келмекте. Ол «Гидравлика», «Қурылыс механикасы», «Суў тәмийнаты ҳәм канализация», «Көпирлерди ҳәм транспорт тоннеллерин жойбарлаў, қурыў ҳәм эксплуатациясы» пәнлеринен лекция оқыйды, курс ҳәм диплом жойбарларына, студентлердиң илимий жумысларына басшылық етеди. Усы пәнлер бойынша оқыў бағдарламаларын, лекция топламларын, оқыў методикалық комплекслерин, тарқатпа материалларын, оқыў методикалық қолланбаларын таярлады. Оның оқытқан мыңнан аслам инженер қурылысшы шәкиртлери Қарақалпақстанның барлық районларында ҳәм басқада ўәлаятларда қурылыс, жойбарлаў, архитектура тараўларында хызмет етип атыр.

К.И.Байманов университетте техника тараўындағы илимий кадрларды таярлаўда салмақлы үлеси бар. Көплеп диплом жойбарларына ҳәм илимий диссертацияларға басшылық етип келмекте. Оның илимий басшылығында 2 аспирант кандидатлық диссертацияларын жақлап шыққан болса, 1 илимий излениўши жақлаў алдында, 2 илимий излениўши өз диссертациялары бойынша изертлеў жумысларын даўам етпекте.

К.И.Байманов бай тәжирийбеге ҳәм фундаментал билимге ийе болған зәбердес устаздың ҳәм илимпаздың өмир жолы, ис тәжирийбеси, оның ис усылындағы ҳадаллық ҳәм пәклик, пухталық ҳәм жаңалыққа умтылыўшаңлық, талапшаңлық ҳәм кишипейиллик пазийлетлери жасларға үлги етсек арзыйды.

Кеңесбай аға өмирлик жолдасы Гүлнара апа менен бирге 2 ул ҳәм 2 қызды тәрбиялап камалға келтирди. Перзентлериниң барлығы жоқарғы мағлыўматлы болып, өзлери таңлаған кәсиплери бойынша республикамыздың ҳәр қыйлы тараўларында жемисли мийнет етип келмекте.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер