Podrobno.uz cайтының мағлыўматына қарағанда 7-октябрьден баслап Ташкент метрополитениниң барлық станцияларында ешейин интернет иске түскен.
Ендигиден былай Ташкент метрополитени жолаўшылары социаллық тармақлардан жаңалықлар лентасын көрип, өзлери ушын қызықлы болған музыкаларды еситиў мүмкиншилигине ийе болды.
Системадан пайдаланыўдың еки түри, яғный, ешейин ҳәм пуллы интернеттен пайдаланыў нәзерде тутылған.
Интернет пайдаланыў қағыйдалары метроға түсип баратырғанда көзге тасланатуғын тақтайшаларда көрсетип турылады.
– Биз бул жойбарды әмелге асырыў ушын үлкен жолды басып өттик ҳәм бул жумысымыздың басламасы. Бул ўақыя Өзбекстанда телекоммуникациялардың базарда және еркин пайдаланыў имканиятын жаратыў бир усылы еди, – деп атап өтпекте Metrotelecom компаниясы директоры Алимхан Алимов.
Жақын ўақытлар ишинде компания Ucell мобиль операторы менен биргеликте метро вагонлары ишинде интернеттен пайдаланыў жойбарын әмелге асырыўды нәзерде тутқан.
Г.Сабурова,
Журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти.