Шет тиллери факультетинде байрам кешеси болып өтти

Дүньядағы мыңлаған кәсиплер арасында уллы кәсип – бул оқытыӯшылық кәсиби болып табылады. Оқытыўшылардың тийкарғы ӯазыйпаларынан бири студентлердиң билимин терең меңгериӯге қуштарлығын арттырыӯ, әдеп-икрамлылық тәрбиясын, әдиӯли Анаға муҳаббат, Ана Ӯатанға садықлық, Устазға ҳүрмет сезимлерин раӯажландырыӯ болып есапланады. Инсан қай жерде ислемесин, қандай кәсип, лаӯазым ийеси болмасын, оған билим және тәрбия берип, өмирге  жоллаған ҳүрметли муғаллимлер ҳәм устазлар.

Усы байрам мүнәсибети менен жақында Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайында шет тиллери факультетиниң басламасы менен «Байрамыңыз мүбәрек, әзийз Устазлар!» атамасында «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни»не бағышланып байрам кешеси болып өтти.

Байрам кешесине факультет деканы Дж.Қурбанбаев, кафедра баслықлары, көп жыллар даўамында факультетте хызмет етип, ҳәзирги ўақытта ҳүрметли дем алысында отырған нураныйлар, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Байрам кешесин факультет деканы Дж.Қурбанбаев ашты ҳәм байрам қатнасыўшыларын қутлықлады.

Буннан соң байрам мүнәсибети менен студентлер тәрепинен шөлкемлестирилген байрам концерти қойып берилди. 

 Мухаббат Аметова,

Шет тиллери факультети ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми жетекшиси.

Пайдалы дереклер