Жақында университетимиздиң қурылыс факультети басланғыш ҳаял-қызлар шөлкеми тәрепинен 1-курсқа қабыл етилген студент-қызлар ушын сәўбетлесиў кешеси шөлкемлестирилди.
Сәўбетлесиў кешесине Н-санлы ИИБ ХПБ ҳаял-қызлар мәселелери бойынша профилактика аға инспекторы капитан Б.Нурыллаева ҳәм де республикалық руўхый ҳәм неврологиялық диспансериниң психиатр шыпакери М.Нагметовалар қатнасты.
Илажда шығып сөйлегенлер студент-қызларға университет ишки тәртип-қағыйдалары, университетимиз ҳаял-қызлар шөлкеми жанынан ашылған дөгерек ҳәм клублар, cондай-ақ, университетимизде ислеп турған «Китапхумарлар», «Зульфия қызлары» клублары, студентлер уйинде турыў абзаллықлары ҳәм қағыйдалары, быйылғы оқыў жылында студентлер ушын билимлендириў тараўында мәмлекет тәрепинен енгизилген жаңа қарар ҳам нызамлар ҳаққында кеңнен түсиниклер берип өтти.
Буннан соң сөзге шыққан Н-санлы ИИБ ХПБ ҳаял-қызлар мәселелери бойынша профилактика аға инспекторы капитан Б.Нурыллаева ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жасларға тийисли мәмлекетлик сиясаттың орынланыўы ҳаққында айтып өтти.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша республикалық руўхый ҳәм неврологиялық диспансериниң психиатр шыпакери М.Нагметова ҳәзирги ўақытта жаслар арасында нәшебентлик пенен байланыслы ҳуқықбузарлықлар ҳәм олардың алдын алыў бойынша айтып өтти. Нәшебентликтиң жүзеге келиўиниң себеплери шаңарақтағы тәрбияда кемшиликлердиң жүзеге келиўи ҳәм перзент тәрбиясында саламат орталықтың болмаўы сыяқлыларды айтып өтилди.
Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Р.Пахратдинова,
Қурылыс факультети басланғыш
ҳаял-қызлар шөлкеми жетекшиси.
