Инглис тилин үйретиў ҳәм оқытыў тараўында турақлы бирге ислесиў, университет студентлери ҳәм жас оқытыўшыларға инглис тилин үйретиў усыллары ҳәм принциплери бойынша өз-ара пикир алмасыў ҳәм инглис тилинде сөйлесиў қәбилетлерин раўажландырыў бойынша семинарлар алып барыў бүгинги күнде әҳмийетли машқалалардың бири болып есапланады.
Университеттиң факультетлер аралық шет тиллер кафедрасының ESP «ENSРIRE-U project» жойбары тренерлери ҳәм кафедра оқытыўшылары усы жылдың 11-октябрь күни «Organizing studenrs’ self-study work» деген темада гезектеги семинар-тренинг алып барылды.
Оған инглис тили профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.
Семинар өз ара сораў-жуўаплар менен даўам етти.
Д.Кубейсинова,
Факультетлер аралық шет тиллер кафедрасының баслығы.
