Қарақалпақстан-Австралия халықаралық экспедициясына 25 жыл

Усы жылдың 17-октябрь күни Бердақ миллий музейинде Қарақалпақстан ҳǝм Австралия халықаралық экспедициясыныӊ 25 жыллық илимий изертлеў мийнетиниӊ нǝтийжелерине арналған илаж шөлкемлестирилди.

Илажға Өзбекстан Қаҳарманы, Ɵзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бɵлиминиң археология бɵлими баслығы, археолог алым Ғайратдин Хожаниязов, австралиялы археолог алым, Сидней университетиниӊ профессоры Алисон Беттс, тарийх факультетиниң деканы, доцент Саламат Сулмайманов, тарийх факультетиниӊ профессор-оқытыўшылары ҳǝм тарийх, археология қǝнигелигиниӊ докторантлары, магистрантлары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыўды университеттиң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов ашты ҳǝм алып барды. Ол ɵз сɵзинде, бүгинги күнде елимизде Президентимиз тǝрепинен археология тараўына қаратылып атырған кеӊ кɵлемли реформалардың әмелге асырылып атырғанлығы ҳаққында атап ɵтти.

Буннан соӊ, Ɵзбекстан Қаҳарманы, археолог алым Ғ.Хожаниязов сɵзге шығып, елимизде археология илиминиӊ ҳǝм туризм тараўыныӊ раўажланыўы, Қарақалпақстан аймағында жайласқан археологиялық естеликлердиӊ ǝҳмийети, оларда алып барылып атырған археологиялық илимий изертлеў жумыслары, шет елли илимпазлар менен ɵз-ара бирге ислесиў тийкарында ашылған илимий жаӊалықларға тоқтап ɵтти. Австралия алымлары менен биргеликтеги алып барылып атырған илимий изертлеў экспедициясына быйыл шерек ǝсир, яғный, 25 жыл толғанлығын атап ɵтти. Сондай-ақ, бул экспедиция ағзалары Австралиядағы Орта Азия бойынша шуғылланып атырған биринши қǝнигелер екенлигин билдирди.  

Австралиялы алым, Сидней университетиниӊ профессоры Алисон Беттс ɵз сɵзинде Қарақалпақстан территориясы тарийхый естеликлерге жүдǝ бай екенлигин, бул илимий экспедицияныӊ басланыўына В.Н.Ягодинниӊ мийнети айрықша екенлигин билдирип ɵтти. Баянаты даўамында Беттс Акчахан қала естелигиндеги алып барылған 25 жыллық илимий изертлеўлердиӊ  бүгинги күнге шекем анықланған илимий жаӊалықлары бойынша презентация қылды. Əсиресе, Акчахан кала естелигиниӊ арқа-батыс тǝрепиндеги «Мǝресим имараты»нда табылған дийўал сүўретлери менен таныстырды. Бул композицияда 3 зардуштийлик қудайыныӊ сүўретлери, фрагментлерде қус, гүл ҳǝм тǝбият кɵринисиниӊ сүўретленгенлигин атап ɵтти. Бул кɵринислер мисли жǝннетти, жап-жасыл бағды елеслетеди дейди Беттс. Сондай-ақ, бунда қулан, кийик, кенлик сүўретлери де ушырасатуғынлығын қосымша қылды. Жǝне де Акчахан қала экспонатлары 2021-жылы Лувр музей          инде ɵткерилетуғын халық аралық кɵргизбеге қойылатуғынлығын қосымша келтирип ɵтти.     

Буннан соӊ қатнасыўшылар ɵзлерин қызықтырған сораўларын берип, тийисли жуўапларын алды ҳǝм мазмунлы тǝризде ɵткерилди.

Мысалы,

– «Пандус» антик дǝўир естеликлеринде болғанба? 

– Пандус – «қыя жол» дегенди аӊлатады, Акчахан кала естелигиниӊ бас дǝрўазасыныӊ кирер есиги алдында ушырасатуғынлығын атап ɵтти Ғ.Хожаниязов.

– Беттс, сизиӊ археология илимине қызығыўшылығыңыз неден басланған?

– Мен негизи Шотландиялыман, археология илимине қызығыўшылығым еӊ дǝслеп елимдеги ǝййемги тас дǝўирине тийисли тарийхый қорған-қалалар болды. Шотландиядағы ески объектлер кɵплеп табылады.  

Тарийх факультети деканы С.Сулайманов келешекте шет елли алымлар менен илимий-изертлеў жумыслары бойынша магистрларға илимий мǝслǝҳǝтши сыпатында бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша усыныс билдирди.

Мийманларға студентлер тǝрепинен таярланған миллий саз-ǝсбапта миллий намалар шертилип, қосықлар айтылды. Мийманлар музейдиӊ экспонатларын тамашалады.

Буннан соӊ, тарийх факультетиндеги «Тарийх ҳǝм археология медиа орайы»на барып, ол жерде студентлердиӊ билим алыўы ушын жаратылған кеӊ имканиятлар менен жақыннан танысты.   

М.Толыбаев,

ҚМУ PhD докторанты.

Пайдалы дереклер