Усы жылдың 18-октябрь күни университеттиң Информациялық қәўипсизликти тәмийинлеў бөлиминиң баслығы Н.Нукусбаев тәрепинен «Информация қәўипсизлигин тәмийинлеў, информация қәўипсизлик сиясатын әмелге асырыў» атамасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.
Семинарға бәрше факультет ҳәм кафедралардан, университет бөлимлеринен қатнасыўшылар шақырылды.
Семинар-тренингдеги тийкарғы мәселе – жеке ҳәм жумыс компьютерлерде мағлыўматларды қорғаў, антивирус программалардан дурыс пайдалана алыў, социаллық тармақлардан пайдаланғанда, пайдаланыўшы ретинде жеке сырлы гилт, яғний, пароллерди дурыс пайдалана билиў ҳәм олардың сырлылығын арттырыў мәселеси болды.
Буннан тысқары, тармақларды ислеўде тийкарынан нелерге итибар бериў кереклиги бойынша да түсиниклер берилди. Тармақлар, яғный, тийкарынан интернет тармағынан пайдаланыў ўақтында жеке ямаса жумыс компьютерлеринде шәртли түрде антивирус программалар орнатылған болыўы мақсетка муўапық екенлиги, жумыс (университет аймағындағы) компьютерлерге қандай да программаны орнатыў шәрт болып қалған жағдайда, рәсмий дәрежеге ийе сайтлардан жүклеп алыў керек екенлиги, сайтлардан дизимнен өткен (регистрация) ўақытта бир неше сайтларда бирдей пароллерден пайдаланбаў керек екенлиги ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Семинар-тренинг қатнасыўшылардың сораўларына жуўаплар бериў менен жалғасып кетти. Семинар соңында қатнасыўшылар тәрепинен тез-тезден компьютер саўатқанлығы бойынша усы сыяқлы илажларды өткерип турыў усынысы берилди.
М.Қудайназаров,
Математика факультетиниң студенти.
