Қурылыс факультетинде «Бес баслама – бес имканият» сүрени астында студент-жаслар арасында спорт тараўы бойынша бирқанша илажлар әмелге асырылып атыр ҳәм факультет студентлери университет көлеминдеги жарысларда да белсендилик көрсетпекте.
Атап айтқанда, 1-курс студент-жаслардыӊ қатнасыўында өткерилген факультетлераралық баскетбол, волейбол, бадминтон ҳәм стол тенниси спорт жарысларында факультетимиз студент-жаслары белсене қатнасып, волейбол бойынша 1-орын, стол тенниси бойынша 2-орын ҳәм де баскетбол бойынша 3-орынларды ийеледи.
Жақында 1-2-курс студент-жасларын қамтыған спорттыӊ мини-футбол түри бойынша факультет бириншилиги өткерилди. Оған жәми 10 нан артық команда қатнасды.
Жарыс жуўмағында 2-курс «Қурылыс материаллары» бакалавр бағдары студент-жаслары 1-орынды, 1-курс «Қурылыс материаллары» бакалавр бағдары студент-жаслары 2-орынды ҳәм «Инженерлик коммуникациялар қурылысы» бакалавр бағдары студент-жаслары 3-орынларды жеңип алды.
«Бес баслама – бес имканият» атамасында өткерилген жаслар фестивалы жуўырыў марафонында факультетимиз студент-жаслары белсене қатнасып, жоқары нәтийжелерге еристи.
Сондай-ақ, усы жылдың 8-10-октябрь күнлери университет профессор-оқытыўшылары арасында өткерилген спорт жарысларында стол тенниси бойынша факультетимиз оқытыўшысы Ж.Камалов университет бойынша 1-орынды ийелеп, жоқары оқыў орынлары арасында өткерилетуғын Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама алған болса, ал, шахмат бойынша М.Камалов 3-орын жеӊимпазы болды.
Жеӊимпаз профессор-оқытыўшы ҳәм студент-жасларға факультет деканы Т.Узақов тәрепинен медаль, «Ҳүрмет жарлық»лары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Бундай илажлар факультет көлеминде еле де даўам етпекте.
С.Нурниязов,
Факультеттиң жаслар менен бирге ислесиў бойынша
декан орынбасары.
