Университетимиздиң профессор-оқытыўшылары финаллық басқышта

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев басшылығында 2019-жыл 4-сентябрде өткерилген 36-санлы видеоселектор мәжилис баянламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2019-жыл 20-сентябрь күнги 842-санлы буйрығы менен 2019/2020-оқыў жылында жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары арасында “Спорт – саламатлық гиреўи” ураны астында “Дослық спартакиадасы”н шөлкемлестириў белгиленген еди.

Спорт жарыслары жоқары оқыў орынларында мийнет етип атырған профессор-оқытыўшылар арасында мини-футбол (ерлер), волейбол (ҳаял-қызлар), бадминтон (ерлер ҳәм ҳаял-қызлар), шахмат (ерлер ҳәм ҳаял-қызлар) ҳәм стол тенниси (ерлер ҳәм ҳаял-қызлар) спорт түрлери бойынша шынығыўларға үзликсиз қатнасыўын тәмийинлеў, ғалабалық спорт түрлерин заман талаплары дәрежесинде шөлкемлестириў, оларды пайдалы ҳәм мазмунлы ҳәрекетке бағдарлаў, саламатластырыў ҳәм де профессор-оқытыўшыларды жәмәәт болып ҳәрекет етиўге үйретиў, жоқары оқыў орынларында мийнет етип атырған профессор-оқытыўшылар арасында дослық қатнасықларды және де күшейтиў мақсетинде өткерилди.

“Дослық спартакиадасы”ның волейбол бойынша болып өткен жарысқа Қарақалпақстан Республикасындағы барлық жоқары оқыў орынлары қатнасып, жарыс жуўмағында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшыларынан ибарат команда барлық қарсыласларынан үстем келип 1-орынды жеңип алды ҳәм Самарқанд қаласында болып өтетуғын республикалық финаллық басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Мини-футбол бойынша өткерилген жарыста да Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң командасы жеңимпаз атанып, республикалық финаллық басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Биз де өз гезегинде университетимиздиң профессор-оқытыўшыларын жеңиси менен қутлықлап, алдағы финал беллесиўлерине табыслар тилеп қаламыз.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер