Меҳир күтип атырған балалар. Олардың меҳир толы көзлерине қарасаң кеўлиңди елжиретеди. Бул әжайып, қуўнақ ҳәм бир-биринен ақыллы балалар. Бирақ, олар өзгелерден меҳир излеп жасамақта.
“Саўап исти ҳәр ким ҳәр күни ислеўи керек” деген даналық сөзге әмел етип, университетимиздиң қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факултетиниң 1-басқыш студентлериниң басламасы менен, Тақыятас районындағы Балалар үйи тәрбияланыўшыларының кеўил-кейпиятын көтериў мақсетинде олардың жағдайынан хабар алынды.
“Меҳир излеп” сүрени астында өткерилип атырған бул саўаплы ислер, әлбетте, меҳирге мүтәж, ата-анасын көриўге қуштар болған жас балалар ушын. Бул балаларды кимлер көзи қыймай таслап кетти екен? Қызық… Бул сораўға жуўапты ҳәр ким өзинде шешим қабыл етсе жақсы болар еди. Себеби, балалардың кеўлин қапа қылғымыз келмейди.
Бул илаж даўамында балалар ойынға түсип, бири қосық айтып, бири қуўанысып жүр. Оларға факультет студентлери тәрепинен саўғалар тапсырылды.
Азғана ўақыт даўамында болажақ журналистлер балалардың кеўлин тапқанынан жүдә үлкен қуўанышқа бөленди. Әлбетте, бундай саўап иске қол урғанымыздан жүдә қуўанышлымыз. Себеби, балалар – бизиң бахтымыз.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақ филологиясы ҳәм
журналистика факултетиниң 1-курс студенти.
