Өзимиздиң жасап турған, оқып атырған аймағымызды таза услаўымыз, экологиямыздың жақсыланыўы ушын тазалыққа итибар қаратыўымыз зәрүр.
Жақында университетимиздиң қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факултетиниң 1-курс студентлери тәрепинен “Аймағымыз тазалығы, өз қолымызда!” сүрени астында шембилик шөлкемлестирилди.
Бул илаж тиккелей факультетимиздиң Жаслар аўқамы тәрепинен әмелге асырылды. Университет аймағындағы шығындылар алып тасланды ҳәм оқып атырған дәргайымыздың көркине-көрик, сулыўлығына және де сулыўлық инәм етилди, десек асыра айтқан болмаймыз.
Бундай баслама менен исленип атырған жумысларымыз, бизди қоршап турған орталықтың жақсыланыўына алып келеди. Студент-жаслар шембиликке өз белсендилиги менен қатнасты.
“Аймағымыз тазалығы, өз қолымызда!” сүрени астында өткерилген шембилик жумыслары университетимиз бойлап даўам етпекте…
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақ филологиясы ҳәм
журналистика факультетиниң 1-курс студенти.
