Халықаралық бирге ислесиўдиң нәтийжеси

Соӊғы ўакытлары елимизде тәлим-тәрбия системасын пүткиллей жаңа басқышқа көтериўге хызмет ететуғын бир неше әҳмийетли қарарлар қабыл етилди. Сондай-ақ, сырт ел мәмлекетлери жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў бойынша келисимлер дүзилди.

Буның айқын мысалы ретинде Россия ҳәм Латвия мәмлекетлери жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурылыс факультетине тәжирийбе алмасыў ҳәм студент-жасларға билим бериў ушын келди.

Усы жылдың 25-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурылыс факультетинде Россияныӊ Астрахань мәмлекетлик архитектура-қурылыс университети «Геодезия, кадастрлық есап» кафедрасының баслығы, техника илимлериниң кандидаты, доцент Ю.Лежнина,  «Инженерлик система ҳәм экология» кафедрасының баслығы, техника илимлериниң кандидаты, доцент Е.Дербасова ҳәм де Латвия университети «Илим, қоршаған орталық ҳәм турақлы раўажланыў» кафедрасының доценти, илим докторы Я.Залокснислер менен факультет профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслары қатнасыўында семинар болып өтти.

Семинарда латвиялы алым Я.Залокснис Латвия университети ҳаққында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жасларға кеӊ түрде мағлыўматлар берип өтти. Соныӊ менен бирге, дүнья жүзинде энергияны тежеў ҳәм де альтернатив энергиядан пайдалыныў бойынша айтып Қарақалпақстан Республикасында бундай имканиятлардыӊ барлығын, қуяш энергиясынан пайдаланыў бойынша өз пикирлерин билдирди.

Сондай-ақ, Россия мәмлекетиниӊ Астрахань мәмлекетлик архитектура-қурылыс университети профессор-оқытыўшылары Ю.Лежнина ҳәм Е.Дербасова Астрахань мәмлекетлик архитектура-қурылыс университети тәрепинен тәлим-тәрбия процесслериниӊ сапасы ҳәм дәрежеси заман талаплары тийкарында жолға қойылғанлығы, буннан былай Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурылыс факультети профессор-оқытыўшылары менен бирге ислесиў ҳәм тәжирийбе алмасыў бойынша айтып өтти.

Өткерилген семинар профессор-оқытыўшылар ҳәм де студент-жасларда үлкен тәсирлер қалдырды.

Әлбетте, бундай бирге ислесиў сырт ел жоқары оқыў орынлары менен өз ара байланыслардың нәтийжеси есапланады.

С.Нурниязов,

Факультеттиң жаслар менен бирге ислесиў

бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер