Музей хызметкерлериниң Шымбай районына сапары 

Усы жылдың 25-октябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейи хызметкерлери А.Алимбетов, О.Ш. Қдырниязов, музей директоры А.Қудияровлар Шымбай районына илимий сапарда болып, сапар даўамында 1929-жылдағы халық  көтерилислери, 1940-1950-жыллардағы ҳәм 1983-1986-жыллардағы «Пахта иси компаниясы» менен байланыслы репрессия болған адамлардың шаңарағында болып, сол дәўир ўақыялары бойынша қосымша тарийхый мағлыўматлар жыйналды. 

1929-жылы Кегейли, Шымбай ҳәм Тахтакөпир районларында бийдай өнимлерин дийқанлардан алыў мапазында көплеген қәтеликлер жүз берди. Ҳәр бир хожалықта тинтиў жүргизилип, ҳәттеки, егис жери болмағанларды да күшлеп бийдай өнимлерин тапсырыўға мәжбүрледи. Совет ҳүкиметиниң жүргизген сәтсиз аграрлық сиясаты ҳәм зорлы-зомбылықлары халықта үлкен наразылық туўдырып, ақырында қураллы көтерилиске алып келди. Усы көтерилистиң сиясий басшысы Абдужалил мақсым Исметуллаев, Кәримберди ахун Нурыллаев, Барлықбай Нурымовлар болған.

Сапар даўамында Шымбай районы Кеңес АПЖ турғыны Орынбай Сулаймановтан 1950-жыллары диний уламаларды қуўдалаўлар ўақтында  шет еллерге кетип қалған жергиликли адамлар ҳаққында мағлыўматлар, Тазғара АПЖ турғынлары Абдужалил мақсым Исметуллаевтың  балалары 1926-жылы туўылған Әбдиреймов Жамал, 1927-жылы Әбдиреймов Зиратдиннен  1930-жыллардағы ўақыялар ҳаққында өзиниң аталарынан еситкенлерин хәм көргенлерин, Әбдикерим ахунның балаларды окытқан мешитиниң қалдықларының сүўретлери алынды.

1928-1929-жыллары елимизде латын ҳәрибине өтиўине байланыслы большевиклер барлық араб әлипбесинде жазылған китап ҳәм қол жазбаларды жоқ етиў сиясатын жүргизди сол дәўирлерден қалған Шымбай районы Тазғара АПЖ турғыны Әлменов Ҳамид Әбилпайыз улынан (Пурхан мақсымның иниси Әлмен суўпының баласы)  аталарынан қалған ески араб имласындағы китаплар музей фондына алынды.

Музей хызметкерлериниң халық арасында болып музей экспозициясын байытыў жумыслары басқа да республикамыздың басқада район,  қала ҳәм аўылларында даўам етеди.

А.Алимбетов,

Музей хызметкери.

 

Пайдалы дереклер