Тәбият – улыўма үйимиз

Биология факультети  4-а “Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў” тәлим бағдары студентлери педагогикалық әмелият даўамында  2019-жыл 30-октябрь күни  Нөкис қалалық ХББ не қараслы 34-санлы улыўма билим бериў мектебинде “Тәбият – улыўма үйимиз” атамасында кеше өткерди.

 Кеше еки басқышта алып барылды.  Биринши басқыш – “Жас биологлар” темасында сораў-жуўап өткерилди ҳәм екинши басқыш – “Биз тәбият жуўапкеримиз” ураны астында дала сейили шөлкемлестирилди.

Кеше соңында белсенди қатнасқан оқыўшылар хошаметленип, оларға ҳүрмет жарлықлар менен бирге естелик саўғалар тапсырылды. 

Қ.Турдыбаев,

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасының стажёр-оқытыўшысы.

П.Тлепбергенова,

Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў қәнигелигиниң студенти.

Пайдалы дереклер