Дыққат, таңлаў!

ҲАЛЫҚАРАЛЫҚ ЕКИ БАСҚЫШЛЫ “SAINT-GOBAINДАН МУЛЬТИКОМФОРТ 2020” СТУДЕНТЛЕР УШЫН ТАҢЛАЎ

 Таңлаўдың мақсети:

  • Таңлаўдың мақсети: “SAINT-GOBAIN”компаниясы тәрепинен Мультикомфорт концепциясын, яғный, заманагөй архитектура энергиясының турақлылығы, нәтийжелиги ҳәм жасыл шырақ қурыў идеяларын жетилистириў;
  • усы таңлаўда қатнасыўшы компаниялардың Өзбекстан Республикасында архитектура-қурылыс тараўында ғалабалықты арттырыў;
  • студентлер, басшылар ҳәм лаўазымлы шахслар арасында қурылыс тараўында билим дәрежесин арттырыў;

 Усы халықаралық таңлаўға қатнасыўшы студент жасларға төмендегилерди усыныс етемиз.

 

ТАҢЛАЎДЫ ӨТКЕРИЎ ТӘРТИБИ

“SAINT-GOBAINдан Мультикомфорт» халқаралық студентлер таңлаўы
2 басқыштан ибарат:

1 басқыш – миллий басқыштың финал басқышы -2020 жыл март айында өткериў режелестирилген.

2 басқыш – халықаралық танлаўдың финал басқышы– 2020 жыл май ямаса июнь айларында өткериў режелестирилген.

МИЛЛИЙ БАСҚЫШ 2020.

«SAINT-GOBAIN дан Мультикомфорт» Миллий финалдың танлаў басқышлары:

  1. Ҳалқаралық танлаўдың Өзбекстанда Миллий басқыштың ашылыўы режелестирилген сәнеси – 2019 жыл 6 ноябрь.
  2. 2019 жыл ноябр-феврал айларында– қатнасыўшылар дизимнен өткенлеринен кейин оларға семинарлар ҳәм онлайн тренинглер тийкарында билим бериў, оларды қурылыс тараўындағы билими асырылады ҳәмде бул таярлық ўақтында, оларлың жойбар (проект) ислериниң пайызларда орынланыўы төрешилер тәрепинен баҳаланып барылады.
  3. 2020 жыл март айында – Өзбекстанда Миллий финал.
  4. 2020 жыл апрел-май – Ҳалқаралық финалға таярлық.
  5. 2020 жыл май-июн – Ҳалқаралық финал Парижде, Франция.

Шөлкемлестириўшилер – “Қозоғистон SAINT-GOBAIN қурилиш маҳсулотлари”

Қалай қатнасыў керек?

Архитектура, дизайн ҳәм қурылыс инженерлигин ямаса басқа илимлерди үйренип атырған студентлер таңлаўда қатнасыў мүмкиншиликлерине ийе;

1 ден 6 ға шекемги болған курслардың барлық студентлери (магистр дәстурин қосқан ҳалда) индивидуал ҳәм 2 адамлық, қосымша басшымен командалар болып қатнасыў мүмкиншиликлерине ийе;

Халқаралық басқышта қатнасыў ушын

Таңлаўда қатнасатуғын барлық қатнасыўшылар (студентлер ҳәм оқытыўшылар) индивидуал тәртипте төмендеги интернет-мәнзилде жеке тәртипте дизимнен өтиўлери керек https://multicomfort.saint-gobain.com/multi-comfort-student-contest

Миллий басқышда қатнасыў ушын

Таңлаўда қатнасыўшы барлық қатнасыўшылар (студентлер ҳәм оқытыўшылар) индивидуал тәртипте төмендеги интернет мәнзилде дизимнен өтиўлери керек https://multicomfort-contest.kz  – Казақстан, Өзбекстан,    https://multicomfort-contest.kg – Қырғызстан

Пайдалы дереклер