Гүз – өмир симфониясы (этюд) 

Гүз…

Жапырақлар сарғайып, әлемди жаңа түрдеги липасқа бөлейтуғын мәўсимлердиң ағласы. Бул мәўсим мени жаңа дәўирге баслап бармақта. Себеби, гүздиң дәслепки күнлеринен баслап жаңа өмирге қәдем қойдым. Студент болыў бахтына миясар болдым.

Бул үш ҳәрип астында терең мәни бар. Инсанлар ўақыттың өтиўи менен әсте өмирде бир жылды жоқ етеди. Лекин, бул мәўсимниң келген ўақтынан баслап мен қуўанаман. Себеби, бул пасыл инсанның жасарыўы, гүллениўи, өмирде бахытлы өмир кешириўи ушын тийкар болады.Инсан. Өзинде иләҳий күшке ийе шахс.

Инсан да мәўсимлер сыяқлы өзгериўшең болады. Себеби, оның жаратылысы сондай. Ал, жаратылысты ҳеш ким өзгерте алмайды.

Ҳәр қәдемимизде алтын гүздиң жапырақлары әсте төгиле баслайды. Бул сондай мәўсим, биресе жасыл реңде, биресе қызыл, сары реңлерде таўланып турады.

Гүз мәўсими ҳәм де инсанды өмирдиң ҳәр тәреплеме жаңаланыўы деп билемен. Соны аңлаўға болады, инсанды гүз мәўсими ҳәмийше сулыўлыққа, гөззаллықтың парқына жетиўге ийтермелейди.

Гүз – түрли муқамға дөниўши, мисли өмир симфониясы. Ол ериксиз кеўил-кеширмелерди ақ қағазға түсириўге ийтермелейди.                                             

Инсанға жаңадан бир жас қосылар,

Бул мәўсим таўыстай болып жайылар.

Жапырақлар сарғайып түсер басыма,

Гүздиң самаллары келер қасыма.

 

Мен буны әжайып сүўрет деп билдим,

Адамға теңейин бул алтын гүзди,

Қартайған адамды жасартсын мәўсим,

Кеўли бәҳәр болып доланған гезди.

Көргим келер оның қара шашларын,

Жаңадан туўылып бала болғанын. 

Азизбек Дабылов,

   Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика

факультетиниң 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер