Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен 2019-жылдың 19-март күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде жаслар сиясатына байланыслы “5 әҳмийетли баслама“ның бири жаслар ортасында китапқумарлықты ен жайдырыў мәселесине бағышланған.
“Алишер Наўайының бийбаҳа мийрасын раўажландырыў орайы“ жәмийетлик бирлеспеси “Китапқумарлық мәдениятын жетилистириў: машқала ҳәм ўазыйпалары“ атамасында республика аймағында илмий-әмелий конференция өткерилиўин режелестирилмекте.
Усы конференцияда өз мақалалары менен алымлар, профессор-оқытыўшылар, студентлер ҳәм китапқумарлыққа қызығыўшы шахслар қатнасыў мүмкиншиликлерине ийе.
Орай ҳәм Шөлкемлестириўши комитет пенен байланыс телефонлары:
(436) 229-62-43, 90-647-35-32, 91-332-08-85