Әмелият сабақлары кәсиплик шеберликти арттырады

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети химия-технология факультети 2-азық-аӯкат технологиясы қәнигелиги студент-жаслары «Азық-аӯқат өнимлери биохимиясы» пәнинен көшпели әмелий сабағын доцент М.Алланиязованың басшылығында Нөкис қаласы орайлык базарында жайласқан «Ветеринария ҳәм шарӯашылықты раӯажландырыӯ бөлимине қараслы №1 ветеринария-санитария экспертиза лабораторясында алып барды.

Бул жерде студентлер шарӯашылық өнимлериниӊ (гөш-сүт, мәйек) және аӯыл-хожалығында жетистирилген палыз, мийӯе өнимлериниӊ сапасын тексериӯ ҳәм қадағалаӯ жумыслары менен жақыннан танысты.

Лабораторияда ҳәр күни базарға алып келинген азық-аӯқатлардыӊ сапасын стандарт талапларға сәйкес қалай тексерилиўин ветеринария шыпакери Алия Қалбаева әмелде, химиялық әспабларда өлшеп, анықлап берди. Гөш-сүт өнимлерине қойылатуғын талаплар менен оларға мағлыўматнамалар толтырыӯ үлгилерин көрсетти. Студентлердиң өзлери қызықтырған сораўлары бойынша анық жуӯаплар алды ҳәм айырым азық-аўқат өнимлериниӊ сапасын, мәселен: гөштиң мөрлениӯ жағдайлары, сүттиң тығызлығы, майлылығы, түрпидеги нитрат муғдары, мәйектиң сапасын анықлаў усылларын үйренди.

Көшпели әмелий сабақта студентлерде теориялық алған билимлерин әмелиятта қолланыў көнликпелери қәлиплести, және таӊлаған қәнигелигиниӊ әҳмийетин, жуӯапкершилигин сезинип, олардыӊ кәсиплик шеберлигин және де арттырды.

Саёра Ембергенова,

Химиялық-технология факультетиниң 2-курс студенти.

 

Пайдалы дереклер