Университетимиздиң санаат технологиясы факультети студент-жаслары арасында «Коррупциясыз тәлим» атамасында ушырасыў өткерилди.
Онда университеттиң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры О.Дуйсенбаев, факультет деканы Р.Қурбаниязов, университет психологы Г.Реймбаева, факультет профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары қатнасты.
Илажды факультет деканы Р.Қурбаниязов ашып берди ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде билимлендириў тараўындағы реформалар, тәлим сапасы ҳәм тараўда ушырасып атырған коррупция ҳалатларына тоқталып, бул иллет XXI әсирдиң баслы машқаласы екенлиги, бул иллетке қарсы гүресиў бойынша ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да мәмлекетлик органлар менен биргеликте гүрес алып барып атырғанлығын атап өтти. Соның менен бирге коррупцияға қарсы гүресиў бойынша нызамларға өзгерис ҳәм қосымшалар киритилгенлигин менен жақыннан таныстырып өтти.
Соң О.Дуйсенбаев сөзге шығып, өз баянатында бул иллет мәмлекет раўажланыўына тосқынлық қылыўшы, раўажланыўға қарсы тәсир етиўши иллет екенлигин, cондай-ақ, Өзбекстан Республикасы 2013-жыл 13-октябрьдеги «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы ҳәм тағы да басқа нызам ҳүжжетлер менен жақыннан таныстырып, бул иллетке қарсы пуқаралардың белсендилигин, сиясий саўатханлығын арттырыў кереклигин айрықша атап өтти.
Университет психологы Г.Реймбаева тәрепинен студент-жаслардан психологиялық сораўнамалар алынды.
Илаж даўамында студентлер бир қанша мағлыўматларға ийе болды ҳәм өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Ш.Мусиров,
Факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.