Журналист – ҳалықтың айнасы

“Мен журналист емеспен, бирақ, не қылайын, бул өмир қолыма услатты қәлем!…”. Мен бир ўақытлары басқа кәсипти жақсы көрер едим, бирақ та журналистика кәсибине қызығыўшылығым бәлент болды. Ҳәзир де мен университеттиң журналистика тәлим бағдарында оқып атырман. Устазларымиз бизлерге бул кәсиптиң бәрше сырларын, газеталарға мақалалар жазыў жолларын үйретпекте. Биз олардан бәрҳа миннетдармыз, әлбетте.

Журналистлер өз қәлеўи менен “зыянлы кәсип”ти таңлаған инсанларға уқсайды. Олар дүньядағы ең уллы ислерден бири – ҳақыйқатты излеў, мағлыўматлар топлаў ҳәм оны адамларға жеткериў сыяқлы ўазыйпаларды әмелге асырады. Ҳақыйқат деген нәрсе ашшы болады. Сонлықтан да, оның «зәҳәр»ин оны излеп тапқан, жүзеге алып шыққан инсанлар ғана ишине жутады.

Журналистпен деп жүргенлер ҳәммеси де журналист емес. Журналист болыўдан алдын оның алтын қағыйдаларына әмел етиўи ҳәм тийисли тәртипте жумыс алып барыўы керек.

Бул кәсип ҳаққында қанша мағлыўматларға ийе болсақ, әне, сол ўақытта ғана тараўдың дәслепки басқышларынан өткен боламыз. Ҳақыйқый журналист халық мәпин аяқ асты қылмаўы, жаслар менен биргеликте жақсы жумыслар алып барыўы, ең әўеле адамлар арасында басқарыўшылық қәбилетине ийе болыўы керек.

ХХI әсир интернет ҳәм технологиялар дәўири. Ҳәзирги ўақытта адамлар интернет арқалы өзлериниң мүтәжликлерин қандырмақта. Түрли информацияларды топлап ҳәм оны басқа адамларға жеткерип бермекте. Ҳақыйқый журналист оператив тәризде халық арасындағы түрли хабарларды телевидение, радио, газета ҳәм журналларда жарытып барса ғана ол өз мақсетине жеткен болады. Егер де ўақыт пенен теңдей қәдем тасламасақ биз артта қалыўды даўам етемиз. Әлбетте, бул өзимизге кери жағдайларды келтирип шығарады. Яғный, журналист кәсибиниң орны жоғалып барады.

Биз сораў берип устазымызға жүзленемиз. Себеби, қызықтыратуғын сораўларымыз жүдә көп. Биз көбинесе бир ҳәдийсениң тарийхы ҳаққында айтсақ, “Оның ўатаны бул жер, оған сол жерде тийкар салынған” деймиз. Мәселен, телевидение рус алымлары тәрепинен Ташкентте пайда болған, демек, “Оның ўатаны – Өзбекстан” деўимизге тийкар бар. Интернеттиң ўатаны – Америка… Журналистика қашан, қай жерде пайда болған, оның ўатаны қайсы мәмлекет? – деп тәкирар-тәкирар айтамыз. Биз жаслар Өзбекстанда жасар екенбиз, болажақ журналист сыпатында соны айтыўымызға болады, әлбетте, келешекте мәмлекетимизде журналистика тараўын буннан былай да жетилистирип, адамлардың арзыў-әрманларын әмелге асырыўға бар күш-ғайратымыз бенен жәрдем беремиз!

 Зерҳан Орақбаева,

Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң

1-курс студенти.

Пайдалы дереклер