Университет Кеңесиниң гезектеги мәжилиси

2019-жылдың 31-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Кеңесиниң (5-санлы) мәжилиси болып өтти.

Оны университет ректоры А.Реймов басқарып барды.

Мәжилиске университет проректорлары, бөлим баслықлары, деканлар ҳәм кафедра баслықлары қатнасты.

Дәслеп ҚМУ ректоры А.Реймов университеттиң барлық профессор-оқытыўшыларын жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады.

Соң университет Ветеранлар кеңесиниң баслығы, профессор Б.Абдикамалов 2019-жыл 22-декабрь күни болып өткен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасына, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине ҳәм халық депутатлары қала ҳәм районлық кеңеслерине болып өткен сайлаўда жеңип шыққан университетимиздиң бир топар профессор-оқытыўшыларын қутлықлап, оларға университет басшылығы тәрепинен «Ҳүрмет жарлық»лары тапсырылды. Және, университет ректоры А.Реймовтың университет Кеңесиниң усынысына бола Жоқары аттестация комиссиясы тәрепинен профессор илимий атағына тастыйықланғаны менен қутлықлады.

Сондай-ақ, илим докторы ҳәм философия докторы илимий дәрежелери тастыйықланған бир топар профессор-оқытыўшыларға ҳәм мәмлекетлик стипендия ийелери болған студентлерге, және, университет профессор-оқытыўшы ҳаял-қызларынан ибарат волейбол командасының Өзбекстан көлеминдеги болып өткен спорт жарысында сыйлы 3-орынды ийеленлиги ушын «Ҳүрмет жарлық»лары тапсырылды.

Буннан соң, Кеңес мәжилиси күн тәртибиндеги мәселелер менен өз жумысын жуўмақлады.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер