Усы жылдың 8-январь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Қубла Корея Республикасының Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги KOICA менен биргеликте ушырасыў кешеси өткерилди.
Қубла Корея Республикасының Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (KOICA) Өзбекстан Республикасында 1995-жылдан баслап өз искерлигин даўам етип атырған болып, усы ўақыт аралығында елимиздиң мәмлекетлик басқарыў, денсаўлықты сақлаў ҳәм билимлендириў тараўларында алып барылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаў, әмелий ҳәм техникалық жәрдем бериў бойынша көплеген жумысларды әмелге асырды.
Соның ишинде, Қарақалпақ мәмлекетлик университети де 1998-жылдан баслап бул шөлкем менен жоқары билимлендириў сапасын жетилистириў, қарақалпақстанлы жасларға кореец тилин шет тил сыпатында үйретиў ҳәм кореец халқы мәденияты менен таныстырыў, волонтёрлық хызметин жолға қойыў мәселелеринде бирге ислесип келмекте.
2000-жылы университет жанынан «Кореец тили ҳәм мәденияты» орайы ашылып, бул орайда Корея халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң волонтёрлары жергиликли студент-жасларға кореец тилин үйретиў курслары шөлкемлестирилип келинбекте. Бул орайда кореялы волонтёрлардан 1998-2000-жылларда Бя Янг Сон, 2000-2002-жылларда Ким Се Ёнг, 2002-2004-жылларда Ким Хё Джонг, 2003-2005 Чонг Сонг Ок, 2004-2006-жылларда Ким Ми Ёнглар студент жасларға билим берген болса, ҳәзирги ўақытта кореялы қәниге Ким Сам Хван студентлерге кореец тилин үйретип келмекте.
Илажда дәслеп университеттиң илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов KOICA ўәкиллери менен өз ара бирге ислесиўди еле де кеңейтиў, агентлик ҳәм университеттиң алдағы жумыслары бойынша сәўбетлести.
Соң университет мәжлислер залында студент-жаслар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Онда KOICA координаторы Канг Мунхии, KOICA Өзбекстан офиси директоры орынбасары Парк Ми, KOICA хызметкери Ш.Шукуров, университеттиң халықаралық байланыслар бөлими баслығы Ш.Шаниязов ҳәм басқалар шығып сөйледи ҳәм университетте KOICAның «Кореец тили ҳәм мәденияты» орайының шөлкемлестирилгенлигине 20 жыл толыўы мүнәсибети менен бәршени қутлықлады.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта университет студент-жасларына кореец тилин үйретип киятырған KOICA волонтёры Ким Сам Хванға университеттиң «Ҳүрмет жарлығы» тапсырылды.
Илаж соңында студент-жаслар тәрепинен таярланған қосық ҳәм аяқ-ойынлар илаж қатнасыўшыларына қойып берилди.
Баспасөз хызмети.
