(Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министри, Президент мәсләҳәтшиси, Аралдың ултанын жасыл қаплама менен жабыў жумысларының штаб баслығы, генерал-лейтенант Турсынхан Айдарович Худайбергеновтың қаҳарманлық ислерине бағышланады)
Теңизди симирип қуртқан қәтелер,
Бизди жулқып жар басына әкелер.
Қойнымызды пуш жаңғаққа толтырған,
Жалған ўәделер сол, жалған ўәделер…
Мен ҳәзир қозғадым тарийхты азмаз,
Достым, турып қалдың бир мәўрит сам-саз.
Бүгин ел басында дана жол басшы,-
Сөзи тас кеседи, нәзери алмас.
Ассамблеяның минберинде турып ол,
Аралды қутқармаққа сызып берди жол.
Сонда мойныңызға исеним жүклеп,
Деди Сизге: «Маған темир қанат бол!»
Елдиң мәпи Сизди тикке турғызды,
Шөл қойнына атландыңыз жалма-жан.
Уллы иске батыл қәдем урғызды,
Ташкент қайда, Мойнақ қайда, ағажан?!
Кимлер жақынларын алып қасына,
Жаңа жылды күтсе ошақ басында.
Ал, Сиз Аралқумда қарсы алдыңыз,
Атыңыз дәўирдиң жылнамасында!
Сиздей пидайылар болмаса егер,
Кексе дүнья әбден ҳәсирет шегер.
Дузлы шаңғыт кем-кем бизди қуўсырып,
Келешек әўладлар көз жасын төгер.
Теңиздиң ишинде, саҳра қойнында,
Бүгин қызып атыр мийнет майданы.
«Елдиң исеними мениң мойнымда,
Ақлаўым керек!»-деп кесип айтады.
Мен үйде отырып ойға таламан,
Бир қосық жазсам деп басты қатырып.
Еткен исиңизге ҳайран қаламан,
Алыс палаткада таңды атырып.
Ҳеш кимди менсинбес дузлы ай тақыр,
Басқа өсимликти жатырқап атыр.
Шөл Демонын жеңиў ушын саўашқа,
Белин буўып шықты Сексеўил батыр.
Арал апатынан арқамыз жаўыр,
Халқымның көргенин айтпаққа аўыр.
Шөл менен айқасқан Сиздей ержүрек
қаҳарман инсанды жаратты дәўир!
«Ел алғысы» деген алтын жулдызды,
Ҳүрмет пенен көксиңизге тағарман.
Мәртликке шарлайсыз ҳәр бир ул¬-қызды,
Ташкент қайда, Арал қайда, ағажан?!
Пал ҳәрреси тынбай жыйғандай нектар,
Сиз сондай мийнеткеш, ҳақ кеўил, кемтар.
Дүнья өрнек алар еле Мойнақтан,
Бағы-бостан болсын бес миллион гектар!
15-январь 2020-жыл.
Пердеғалий ДАБЫЛОВ,
шайыр.