Усы жылдың 22-январь сәнесинде ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов университеттиң студент-жаслары менен ушырасыў өткерди.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жаслар аўқамы кеңесиниң жуўаплы хызметкерлери, университеттиң барлық проректорлары, университет Жаслар аўқамы жетекшиси ҳәм факультет жаслар аўқамы жетекшилери, белсенди студент-жаслар қатнасты.
Ушырасыўда ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов Президентимиздиң 2019-жыл 27-декабрь күни Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы мектепте жаслар менен ушырасыўында келтирип өткен тапсырмалары, жасларға байланыслы сиясаттың еле де нәтийжели әмелге асырылыўы бойынша берген тапсырмаларын келтирип өтти. Президентимиздиң: – Жаңа Өзбекстанды, әлбетте, жаслар менен бирге қурамыз. 2020-жыл жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатта кескин бурылыс жылы болады, – деп атап көрсеткен пикирлерин келтирип өтти.
Буннан соң, университеттиң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры О.Дуйсенбаев сөзге шығып, университетимиз студент-жасларының ҳәр түрли тараўларда ерисип атырған жетискенликлерин атап көрсетти.
Ушырасыўда университет студент-жаслары өзлериниң машқалалар ҳәм әҳмийетли ўазыйпалар бойынша өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.
Н.Абдуллаева,
ҚМУ студенти.
