ПОЭЗИЯ ШАМШЫРАҒЫ

Ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басламасы менен, көркем дөретиўшилик жолында пидәкерлик  хызмет еткен жазыўшы-шайырларымыздың машақатлы мийнетлерин қәдирлеў ҳәм мүнәсип баҳалаў бүгинги күнде мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Усы көз-қарастан, көркем әдебиятқа өзиниң  өмирин, тәғдирин арнаған, оны жеке мәптен көре улыўмахалықлық мәп ушын хызмет етиўдей уллы мақсетлер жолында пидә еткен инсанлардың хызметлерин кең жәмийетшиликке, әсиресе, жасларға үлги тутыў үлкен  әҳмийетке ийе.

Усы жылдың 23-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң мәденият сарайында Қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына өзиниң үлкен үлесин қосқан марҳум лирик шайыр, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Төлепберген Мәтмуратовтың 80 жыллығы ҳәм оның жақында баспадан шыққан «Таңламалы шығармалары» китабының жарық көриўи мүнәсибети менен «Поэзия шамшырағы» атамасындағы илимий-әдебий кеше шөлкемлестирилди.

Кешени университет ректоры, профессор А.Реймов басқарып барды.

Илажда Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, профессор Қ.Оразымбетов, доцент А.Досымбетова, жазыўшы М.Нызанов, шайыр Ш.Аяпов, Ә.Өтепбергеновлар, шайырдың өмирлик жолдасы А.Мәтмуратова ҳәм жақынлары шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, Төлепберген Мәтмуратов әдебият майданына шайыр сыпатында кирип келди. Оның терең мазмунға  қурылған бир қатар қосықларына намалар жазылып, көп ғана белгили атқарыўшылардың сүйип атқаратуғын қосығына айланған. Шайырдың айырым лирикалық қосықлары ҳәттеки: өзбек, рус тиллерине де аӯдарылған. Сондай-ақ, шайыр дүньяның классикалық әдебият үлгилерин де қарақалпақ тилине шебер аўдармашылардан да есапланады.

Көрнекли шайырымыз өзиниң бир қатар қосыкларын оқыўшылар қәўимине усынды. Олардан «Ақ терек пе, көк терек» (1964-жыл), «Лирика» (1966-жыл), «Гөззаллық оянды» (1970-жыл), «Айсанем» (1973-жыл), «Ашылысыў» (1977-жыл), «Арзыў шәмени» (1981-жыл), «Жақсылық сарайы» (1986-жыл), «Жулдызлар жанар» (1989-жыл) ҳәм басқа да поэзиялық китаплары жарыққа шықты.

Шайыр Төлепберген Мәтмуратов өзиниң қысқа өмири даўамында кең жәмийетшиликке өз дөретпелери арқалы ҳадаллық, адамгершилик, садықлық сыяқлы ең ағла пазыйлетлерди таратып үлгерди.

Әсиресе, оның қәлемине тийисли көплеген қосықларына нама жазылып, халық қосығына айланып үлгерди десек қәтелеспеймиз. Себеби, оның «Қарақалпақтың неси бар», «Қызлардың», «Қашан айтаман», «Сениң ҳәр келгениң бәҳәр келгендей», «Жаман баласаң» ҳәм басқа да қосықлары бүгинги күнде де үлкен сахналарда атқарылып келинбекте.

Шайырдың усындай дөретиўшилик мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, оған Қарақалпақстан Жаслар аўқамы сыйлығы, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығы ҳәм «Өзбекстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери» ҳүрметли атақлары берилди.

Халқымыздың лирик шайыры сыпатында өзиниң бир-биринен әжайып шығармаларын инәм етип кеткен Төлепберген Мәтмуратов бүгинги күни өзиниң екинши өмирин жасамақта.

Илаж шайыр қәлемине тийисли нама қосықлардан дүзилген концерт бағдарламасы менен даўам етти.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

      

Пайдалы дереклер