ПРЕЗИДЕНТ МҮРӘЖАТНАМАСЫ  ЖАСЛАР ТУРМЫСЫНДА ҮЛКЕН БУРЫЛЫС БОЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң усы жылдың 24-январь күни Олий Мажлиске Мүрәжатнамасы пүткил халқымыз, әсиресе, жасларымыз тәрепинен айрықша қызығыўшылық пенен күтип алынды. Мүрәжатнамада өткен 2019-жылда ерисилген табыслар ҳәм жол қойылған қәте-кемшиликлер анализ етилип, келеси 5 жылда раўажланыў бойынша баслы жөнелис ҳәм ўазыйпалар белгилеп алынды.

Мүрәжатнамада Президентимиз жаслар мәселесине айрықша тоқтап өткен еди. Атап айтқанда: «Тек ғана жаслар емес, бәлким, пүткил жәмийетимиз ағзаларының билимин, ой-өрисин арттырыў ушын дәслеп илим-мәғрипат, жоқары мәнаўият керек. Илим жоқ жерде қалақлық, жаўызлық ҳәм әлбетте, туўры жолдан адасыў болады.

Шығыс данышпанлары айтқанындай, «Ең үлкен байлық – бул ақыл-билим ҳәм илим, ең үлкен мийрас – бул жақсы тәрбия, ең үлкен кәмбағаллық – бул билимсизликдур!». Сол себепли ҳәммемиз ушын заманагөй билимлерди өзлестириў, шын мәғрипат ҳәм жоқары мәденият ийеси болыў үзликсиз өмирлик зәрүрликке айланыўы керек», – деп атап өткен еди.

Мүрәжатнамада атап өтилген билимлендириў тараўындағы күтилип атырған өзгерислер жаслар турмысында үлкен бурылыс болды. Президентимиздиң: «… Мектеп питкериўшилерин жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 2020-жылда  кеминде 25% ке ҳәм келеси жылларда 50-60 % ке жеткеремиз.

Жоқары оқыў орынларына студентлерди қабыллаў мәмлекетлик грантларын 2 есеге көбейтемиз. Қызларымыз ушын бөлек грантлар да ажыратылады», – деген пикирлери биз жасларда қуўаныш ҳәм мақтаныш сезимлерин пайда етти.

Президентимиз: «Жоқары мағлыўмат аламан, өз үстимде изленемен, илимли боламан деген, жүрегинде оты бар жасларымыздың билим алыўы ушын ҳәмме қолайлықларды жаратыўымыз шәрт», – деп үлкен исеним билдирди.

Ҳүрметли жаслар! Мәмлекетимиздиң барлық тараўларында әмелге асырылып атырған реформалардың сырттан тамашагөйи я тыңлаўшысы емес, ал, усы реформалардың тиккелей қатнасыўшысына айланыў ўақты келди. Солай екен Президентимиздиң билдирген бул үлкен исенимин ақлаў жолында тынымсыз ҳәрекет ҳәм изленисте болыўымыз керек.

Гөззал Жалгасова,

Санаат технологиясы факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер