УЛЛЫ УСТАЗ ҲАҚҚЫНДА СӨЗ

Көрнекли илимпаз, Қарақалпақстаннан биринши шыққан академик М.К.Нурмухамедов ҳақында профессор Камал Мамбетов бир ўақытлары «Уллы устаз ҳаққында сөз» атлы мақаласын жазған еди. Жыллар өтип, сол мақалаға және мүрәжат етпектемиз. Мақаланы оқып, қыялымыздан болса еки уллы устаз келбети сәўлеленеди. Бул мақаланы Сиз де оқыӊ ҳәм заўықланыӊ.

Бул дүнья пайда болғанлы берли адамлардың адам, даналардың данасы, батырлардың батыры, – деп аталатуғын түсиниклери бар. Бирақ бундай атақ мыңнан бир адамға ғана берилиўи мүмкин.

Мен академик Марат Нурмухаммедовты еске алсам, усы пикир бирден қыялыма сап ете қалады. Ол жай-парахат, әсте сөйлегенниң өзинде-ақ өзгелерге сөз бермей өзлерин менмен санаған адамлардың өзи де силтидей тынып қалатуғын еди. Себеби, оның қағазға түскен сөзлери түўе, аўызша айтқан сөзлериниң өзин редакторлаў қыйын еди.

Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамы, Өзбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан филиалының минберлеринде дәслеп көрген жылларында ол оғада жас болыўына қарамастан жүрис-турысының өзи дуўым журтқа үлги боларлық  инсан болды. Ол сөз сөйлеген зал силтидей тынып, шыбынның ызылдысы еситилетуғын еди. Бәлки, бул жағдай оның аса билимлиги, беклиги ҳәр қандай адам сусты басып кететуғын саўатлығынан болса керек. Буннан тысқары, оның кийген кийими өзине жарасықлы, сүўретшилер сызғандай әбден жыйнақлы, ҳәтте, көз әйнегине шекем сулыў көринетуғын бундай әжайып адамды ушыратпаған. Әлбетте, ондай адамға кимлердиң шәкирт болғысы келмейди дейсең. Соның ушын да Марат аға жас ўақытларынан баслап-ақ, ҳәмме үлги аларлықтай инсан болды. Әлбетте, бундай адамлар тек бир тәреплеме ғана раўажланбайды. Сол ушын да ол отыз жасқа шықпай атырып-ақ, «Әмиўдәрья» журналының редакторы, Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўкамының баслығы, Озбекстан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан областлық партия комитетиниң секретары сыяқлы үлкен жолларды басып өтип, көрнекли жәмийетлик искер дәрежесине еристи.

Алийшер Наўайының «Талантлы адамлардың ҳәммеси де өз бахытын илимнен излейди», – дегендей Марат Нурмуҳаммедов 16 жасында оныншы классты, 20 жасында педагогикалық институтын питкерип, 23 жасында филология илимлериниң кандидаты болған инсанлардың бири еди. Усындай себеплерге көре ол тек Қарақалпақстанда ғана емес, бәлки, пүткил дүньядағы ең жас илим кандидатларының бири болды. Ол ең жас ўақтынан баслап-ақ, Өзбекстан Илимлер академиясының Хабаршы-ағзасы болып сайланды. 1966-жылы Қарақалпақ прозасының раўажланыў бағдарлары бойынша докторлық диссертациясын жақлады. Марат аға жан тәни менен илимге берилген адам еди. Сол жағдайлар себепши болса керек, усы жылы Өзбекстан Илимлер Академиясының гуманитар илимлер (филология, философия, тарийх ҳәм экономика) бөлиминиң Академик секретары болып тайынланды. Әлбетте, бул илим саласындағы ең үлкен жумыс еди. Лекин, бул жыллары Қарақалпақстан илим бағдарында  жетерли қәнигелерге ийе болған емес. Тек еки-үш илим докторы, онлаған илим кандидатлары бар еди. Сол ушын да Ташкент қаласы 1966-жылдың өзинде Қарақалпақстаннан 60 тан аслам аспирантлар қабыл етти. Солардың арасында мен де бар едим. Шегим Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институтының профессоры Натан Маллаев кафедра баслығы болып ислейтуғын «Туўысқан халықлар әдебияты» кафедрасына түстим. Ол ески өзбек тили менен бир қатарда араб ҳәм парсы тиллери бойынша қәниге екен. Сол ушын да ол маған «Қарақалпақ әдебиятында шығыс классиклери дәстүрлери» деп аталған теманы жазып шығыўыма кеңес берди. Лекин, бул теманы алып шығыў ушын Ташкент Шығыстаныў институтының парсы қәнигелигиниң тилши бөлиминде оқыўым керек екен. Бул ушын Марат Нурмуҳаммедовтан жәрдем сораў кереклигин айтты. Марат аға менен ең дәслеп тап усындай жағдайда ушырастым. Қабыллаўханада адамлар көп екен. Солай болса да, ол мениң Қарақалпақстаннан келгенимди есапқа алдыма, биринши қабыл етти. Жайдары сәлемлесип, жумыс жағдайларымды сорады. Қарақалпақстан келген әлле қандай аспирант ТашГУдиң филология факультетин питкерип, және Шығыстаныў факультетине кирмекши болғаныма қуўанып кеттиме, әйтеўир мениң тилеклеримди мақуллаған көринди. Семья жағдайларымды сорастырып, сол ўақыттағы сыртқы ислер министрлиги Сәрўар Әзимовқа қоңыраў етти. Сөзлериниң рәмаўизине қарап жумысымның питетуғынлығын сездим. Және алдынғы дизимге қарап отырып биреўди изледи. Себеби, қабыллаўханада жазылғанлардың арасында Ташкент мәмлекетлик институтының Шығыстаныў факультетиниң деканы профессор Шаислам Шамухамедов та бар екен. Оны тезден кабинетине шақыртып, мениң жумысымды байанлады. Лекин, кешки бөлимге студентлер қабыл етилип болынған екен.

– Бирақ, Сәрўар Әзимов рухсат етсе аўдармашылар бөлимине қабыл етиўге болады,-деди Шаислам аға. Марат аға министрдиң рухсат бергенин оған ескертти. Солай етип Марат ағаның жәрдеми менен Шығыстаныў факультетиниң студенти болған едим.

Сол тийкарда арадан еки жылдан аслам ўақыт өтип кетти. Бирақ арнаўлы жумысым болмағаны ушын Марат ағаның алдына бара алмадым. Себеби, үлкен алымлардың аспирант түўе докторанлардан  қолы тиймейди.

Диссертациямның жазылып питиўинен кейин кафедрада талқыланып, Пушкин атындағы тил ҳәм әдебият институтының илимий кеңесине усынылды. Жумыс жақланыў алдынан профессор Әбдиқадыр Хайтматов басқарған өзбек классикалық әдебияты бөлиминде қайтадан талқыланды. Жумысты ҳәмме мақуллады. Бирақ олар «Марат Нурмуҳаммедов  жумысты бир көзден кешириўи керек» деген сөз айтты.

Себеби Қарақалпақстан темасында  жақланған ҳәр қандай диссертация менен оның танысып шығыўы шәрт екен.

– Жумыс жақланыўға кетип баратырғанда Марат аға басқаша пикир айтпаса болар еди-деп әбден қорқып кеттим. Себеби Марат ағадан барлық алымлар айбынатуғын еди. Солай болса да Марат Көптилеўовичтиң  мениң жумысымды оқып көриў шәрт екенин сездим.

Ертеңине Марат ағаны Академия алдында  үйине қайтып кетейин деп турған бир ўақытта ушыраттым. Ол жүдә асығыслы еди. Солай болсада өтинишлеримди дыққат пенен тыңлады.

Ертең Англияға командировкаға кетпекши екен. Ол жақта бир ҳәптеден көбирек болмақшы. Және бир докторлық жумысқа оппонент. Отзыв келгеннен кейин жазбақшы. Буннан кейин мениң жумысымды оқып шығыўға ўәде берди. Сонда мен келеси айдың басында хабар алыўым керек екен. Базы бир профессорлардан жумысты алты ай оқымай услап жүргенине қарап, бир уллы адам көбирек ўақытты алса керек деп ойлаған едим. Бирақ, оның бары-жоғы жигирма күндей ўақыт ишинде оқып бериўге ўәде бергенлигине қуўанып кеттим.

Усылайынша ўақыт өте берди. Бирақ, арадан он бес күндей ўақыт өткеннен кейин-ақ Марат ағаның излестирип атырғанын еситтим.

Натан Мурадович мени излеп жатақханаға бир аспирантты жиберипти. Ертең азанда Марат Көптилеўовичтиң қабыллаўымда болыўым керек екен. Бирден қыялыма «Жумысым Марат ағаға унамай қалса керек» – деген ой келди. Себеби, Марат ағаның Англиядан қайтып келгенине енди ғана үш-төрт күндей болған еди. Бундай ўақыттың ишинде ең жақсы жумыс, яки дәртке аспайтуғын жумыс оқып болынады. Түни менен уйқым келмей бираз ойландым да, азанда «ишим ийт жыртқандай» болып трамвайға миндим. Академияға келгенде түсим өзгерип бозарып кеткен екен. Қабыллаўға жазылғанлардың дизиминде мен де бар екенмен. Автоматтан бир стакан суў иштим де, жоқарыға көтерилдим. Барсам қабыллаўханада адам көп. Көпшилиги академиклер, институт директорлары. Шамасы бир үлкен мажлис болатуғын усаған. Мен адамларға сәлем берип есик алдында тоқтап қалдым. Секретарь мениң келгенимди көрди де тезден ишке кирип кетти ҳәм қайтып шығып:

– Сизди шақырып атыр,-деп мени ымлады. Соншама академиклер күтип отырғанда мени шақырғанына ҳайран болдым. Бирақ, алымлар жүдә әпиўайы болады. Бул жағдайға ҳеш қандай  таңланғаным жоқ. Сол ушын да ишке батып кирдим. Ишке кирдим де академиктиң  маған қаратылған жайдары жүзин көрип бирден қуўанып кеттим. Ол тап сол күни мени узақ жыллар сағынып жүрген иниси сыяқлы күтип алды. Буған себепши болған жағдай мениң диссертациямының биринши бабы еди. Алымлар сондай кишпейил халық олар өзлериниң излеп жүрген идеясын тапса баладай қуўанады. Ол ўақыттағы диссертациялар 350 беттен кем жазылмайды. Биринши бап улыўма бағдарда жазғаны менен де үлкен идеяларға түртки болады. Өйткени, мениң өзим де биринши бапты жазыўға әдеўир қыйналған едим. Себеби, қарақалпақ әдебиятының сағалары XVIII әсирде жасаған Жийен жыраўдан  басланған,-деп жазсам, Натан Мурадович: «XVIII әсирде бирден пайда болған халық та, әдебият та жоқ» – деп қайта-қайта сызып бере берди.

Сол ушын да қарақалпақ әдебиятының сағалары әййемги түркий жазба естеликлери «Орхон Енисей» жазыўлары, «Оғузнама» ҳәм «Қорқыт ата-лардан баслап, Ноғайлы заманының жыраў шайырлары болған Соппаслы сыпыра жыраў, Асан қайғы, Доспанбет жыраў, Мүйтен жыраў, Жийен жыраўлар менен байланыстырдым. Булардың дөретиўшилиги қарақалпақ халқының тарийхы менен  де беккем байланыслы еди. Булардың қарақалпақ әдебияты тарийхында тутқан орнын белгилеў ушын әдебий экспедициялар шөлкемлестирген еди.

– Мениң бул идеяларымның әмелге асыўы ушын сол жыллар Ташкент мәмлекетлик Педагогика институтының қазақ филологиясы бөлиминде сабақ берип жүрген Алма-атадан келген профессорлар Бийсенбай Кенжебаев, Қажым Жумалиев ҳәм устазым Натан Малаевлар жәрдем берген еди.

– Илим деген солай болыў керек. Қарақалпақ әдебияты тарийхында жаңаша жол ашқансаң, – деди ол. Ол тап сол жерде мениң диссертацияма биринши оппонент болыўға рийзашылығын билдирип, илимий кеңеске хат жазып берди. Және, Англиядан алып келген бир ручкасын саўға етти.

Аспирантқа буннан артық бахыт бар ма? Өзимди қустай сезип, кабинеттен қуўанышлы шықтым. Мениң Марат ағаны ҳүрметли устазым сыпатында таныўым тап усы  күннен басланған – деп толық айтыўыма болады. Себеби, мениң усы күннен баслап Марат ағаның кеўлине жақын адамлардың бирине айланғаным еди.

Жумысымды оқып танысқан күннен баслап-ақ, ол мени туўысқан инисиндей жақын көре баслады. Мен сонда идеялар жақынлығы көп ғана адамларды бирлестире алатуғынлығын анық сезген едим. Болмаса Марат аға ким, мен ким? Ҳәтте, ол мениң Шығыстаныў факультетине  кириўге жәрдем бергенлигин де умытып кеткен еди. Лекин диссертация және бир-биримизди жақынластырыўға жәрдем берди. Марат ағада ҳеш қандай ағайинпазлық жоқ еди. Сол ушын биреўдиң урыўын сорағанын еситкен емеспен. Ол ҳәтте адамлардың миллетине де қарамайтуғын еди. Лекин, адамлардың жақсы ҳәм жаман топарларын бирден айырып биледи. Өзи илимди терең ийелегени ушын да  илимге аңсат жоллар менен қосылыўшыларды жек көреди. Сол дәўирдеги илимпазлар ушын мәмлекеттиң ең жоқары айлығы төленгенин есапқа алғанда илимий кадрлар таярлаў аңсат ис емес екенлигин түсинетуғын едик. Мәмлекеттеги ең ибратлы адамлар балалары талантлы болсын-болмасын аспирантураға киргизиўге талпынатуғын еди. Ол топарды қуўатлаўшылар да көп болды.

Егер ҳақыйқатында да ойланып қараған сол дәўирде Марат Нурмухаммедовқа шәкирт бола алғандай кадр бар ма еди? Сол дәўирлерде тек әдебиятты терең түсинетуғын Жаңабай Нарымбетов, Сарыгүл Баҳадырова ҳәм Қонысбай Камаловлар емеспе еди? Олар шынында да Марат ағаның басшылығында диссертация жақлады. Ал, өзи тири ўағында Марат аға Қарақалпақстанлы барлық докторларға илимий басшылық ҳәм оппонентлик етти. Марат аға 20 жылға шамалас Өзбекстан Илимлер Академиясының Академик секретары, вице-президенти лаўазымларында иследи. Әлбетте, бундай лаўазымдағы адамлар ушын жигирмалаған илим докторы ҳәм қырықлаған илим кандидатларын тәрбиялап шығарыў ҳеш гәп емес. Ол Орта Азия көлеминдеги алым  еди. Сол ушын да оның шәкиртлери Орта Азияда тарқалды. Ол қарақалпақстанлы илимий кадрларға бийпарық қараған жоқ. Оның басшылығында бир қанша илимий кадрлар өсип шықты.

Марат Нурмуҳаммедов жумысымды даўам еттириўим керек екенлигин ескертип «Қарақалпақ әдебиятының сағалары ҳәм қәлиплесиў дереклери» (Ерте дәўирлерден XVIII әсирге шекем) деген темада әдебият институтына бекитип берди.

Онда гуманитарлық бағдарда қәлиплескен терең билим, илимниң түрли салаларына араласыўына мүмкиншилик туўдырады. Сол жағдайлардан қарағанда ол аса талантлы филолог, тарийхшы, философ ҳәм этнографлардың бири болады. Әсиресе, оның бул бағдарда жазылған тарийхый филологиялық мийнетлери айрықша орынды ийелейди. Ол академик сабыр Камалов ҳәм профессор Т.А.Жданколар менен биргеликте қарақалпақлардың мәдений тарийхын жазды. ЮНЕСКОның илимий анжуманында баянланған ҳәм соңынан китап болып шыққан «Орта Азияның ярым көшпели халықларының әдебиятларының қәлиплесиў жоллары» мийнетлери айрықша дыққатқа ылайық болды. Бул мийнетлер өзбек, қазақ, түркмен ҳәм қырғыз алымлары тәрепинен өз мақуллаўын тапты.

Ол пүткил дүнья илимпазлары арасында да өз қуўатлаўын тапқан  алымлардың бири еди. Сол себепли ол қайтыс болғаннан кейин де көп жыллар даўамында шет еллердеги илимий әнжуманларға мирәтнамалардың келип турғанының гүўасы болғанман. Марат ағаның жарқын келбети мениң қыялымда мөрленип қалған. Сол ушын да бул әжайып инсанның образын көркем әдебиятқа алып кириўди де ойлап көргенмен.  Усындай себеплерге көре мениң «Ҳүждан» романымда оның портрети де берилген еди. Мениң оған болған сағынышымды заманымыздың уллы шайырларынан болған Ибрайым ағаның өзи қосық пенен айтты. Сол ушын да ол қосықтан үзинди келтирип, сөзимди тамамлағандымды мақул көрдим:

Жулдыз ағып кетсе ақшамғы ўақта,

Бирден сен түсесең ядыма мениң,

Жасын түсти десе жасыл дараққа,

Дәрҳал сен түсесең ядыма мениң.

Бул уллы ҳәм дәртли сағынышты халқымыздың ең сүйикли ҳәм данышпан перзентине болған сағынышы-деп түсинемен.

Камал Мәмбетов,

Қарақалпақстан халық жазыўшысы,

Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен илим ғайраткери,

филология илимлериниң докторы, профессор.

 

 «Еркин Қарақалпақстан» 6-январь 2000-жыл

 №3 (17285)

Пайдалы дереклер