Алдын хабар бергенимиздей, «Универсиада-2020» спорт ойынларының бадминтон спорты бойынша Сырдәрья ўәлаяты Гүлистан қаласында болып өткен финаллық беллесиўлерде қарақалпақстанлы спортшылар улыўмалық есапта 2-орынды ийелеген еди.
Бүгин Нөкис темир жол вокзалында спортшыларды салтанатлы күтип алыў мәресими болып өтти.
Кешеге университеттиң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры О.Дуйсенбаев ҳәм басқа да жоқары оқыў орынлары басшылары, спортшылардың тренерлери, жақынлары қатнасты.
ҚМУ Баспасөз хызмети.
