ОЛИМПИАДА ОЙЫНЛАРЫ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСЫЎ

Елимиз ўәкиллериниң Олимпиада ойынларында, жәҳән чемпионатларында, Азия ойынларында ҳәм чемпионатларында, және халықаралық жарысларда жоқары нәтийжелерге ерисип атырғаны, дүньяда Өзбекстанның абырай-мәртебеси ҳәм спорт потенциалы буннан былай да артып атырғаны,республикамыз аймақларында жәҳән стандартларына сәйкес ықшам спорт объектлериниң қурылып, оқыўшы ҳәм студент-жаслар арасында үш басқыштан ибарат «Үмит нәлшелери», «Бәркамал әўлад» ҳәм Универсиада спорт ойынларының ғалаба ен жайып атырғаны, айрықша, дыққатқа ылайық.

Әсиресе, жасларымызды еле де спортқа қызығыўшылықларын күшейтиў мақсетинде орынларда белгили спортшылар менен ушырасыў өткерилип келинбекте.

Усындай ушырасыўлардың бири усы жылдың 3-февраль сәнесинде Бердақ атындагы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Мәденият сарайында болып өтти.

Оған Олимпиада ойынларының жеңимпазлары, мәмлекетимиз мақтанышлары есапланған А.Таңриев, Р.Собировлар қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министри Ғ.Байныязов, университеттиң оқыў ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев ҳәм басқалар шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, жәмийетимизде саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге, халықтың, әсиресе, жас әўладтың дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын заман талапларына сай шараятлар жаратыўға, сондай-ақ, жаслардың арасынан талантлы спортшыларды таңлап алыў жумысларын системалы шөлкемлестириў және дене тәрбиясы менен ғалабалық спортты буннан былай да раўажландырыўға бағдарланған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Илажда студент-жаслар олимпиада ойынлары жеңимпазларынан өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Бунна соң, университеттиң спорт сарайында жас спортшыларға шеберлик сабақлары өтилди.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер