Fәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы комитетиниң 2020-жыл 12-февральдағы 6-1/171-санлы хатына муўапық, Россия Федерациясы Илим ҳәм жоқары билимлендириў министрлиги тәрепинен Россия аймақларының социаллық-экономикалық раўажланыўы ҳәм тәлим бағдарларындағы жаслардың авторлық жойбарлары ХVII Пүткилроссия таңлаўының саралап алыў басқышы өткерилетуғынлығын мәлим етемиз.
Таңлаўдың айырым номинациялары бойынша шет ел мәмлекетлер пуқаралары, мәселен, Fәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы қурамындағы мәмлекетлер пуқаралары, жаслары қатнасыўын мәлим етемиз.
Таңлаўда қатнасыў ушын арзаларды қабыл етиў 2020-жыл 24-февралға шекем даўам етеди.
Сол себепли, университет ректораты таңлаўға рус тили оқытыўшыларын, рус топарларында тәлим алып атырған студентлер арасынан қәлеўшилерди қатнасыўын қоллап-қуўатлап қалады.
Мағлыўмат ушын телефон: 61-223-60-62