«СУД ҲӘМ ЖАСЛАР» АТАМАСЫНДАҒЫ УШЫРАСЫЎ

Жақында Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде  Қарақалпақстан Республикасы судлары баслықлары ҳәм судьяларының «Суд ҳәм жаслар» атамасындағы юридика факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм юриспруденция қәнигелиги студент-жаслары менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўды юридика факультетиниң деканы, профессор Е.Қутыбаева басқарып барды.

Буннан соң, Нөкис қалалық Жынаят ислери бойынша судының судьясы Д.Сражатдинов «Жаслар тәрепинен исленген жынаят ислерин көриўде Жаслар аўқамы тәрепинен жасларды кепиллике алыў бойынша суд әмелияты», Қарақалпақстан Республикасы Пуқаралық ислери бойынша судының баслығы К.Тарихов «Пуқаралардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўда суд уйымының орны ҳаққында», Нөкис қалалық Ҳәкимшилик судының баслығы А.Салиев «Мәмлекетимизде жасларға жаратылып атырған имканиятлар», Қарақалпақстан Республикасы Нөкис районлараралық экономикалық судының судьясы Р.Қурбанбаев «Суд-ҳуқық реформалары жаслар көз қарасында» атамасындағы темаларда студент-жаслар менен сәўбетлесиў өткерди.

Ушырасыў даўамында университеттиң ҳуқықтаныў кафедрасы баслығы, доцент М.Нажимов Қарақалпақстан Республикасы судлары менен биргеликте студент-жаслардың сабақларда үйренип атырған билимлерин теориялық тәрептен үйренип қалмастан бос ўақытларын үнемли пайдаланыў мақсетинде әмелият пенен бирлестириў бойынша өз усынысларын берип өтти.

Ушырасыў даўамында профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар өзлериниң усынысларын ҳәм қызықтырған сораўларын берип тийисли жуўапларын алды.

Ю.Абдреймов,

Юридика факультетиниң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер