«Ректор ҳәм жаслар» ушырасыўынан кейин студентлердиң усыныслары тийкарында бир қанша мәселелери бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Бүгин университетимиздиң Халықаралық байланыслар бөлими шет тиллери факультети студент-жаслары менен ушырасып, олар менен бөлим искерлиги бойынша сәўбетлесиў өткерди.
Бөлим баслығы Ш.Шаниязов университет жаслары ушын жәрияланып атырған грант бағдарламалары, университетимиз бенен бирге ислесиўши сырт ел жоқары оқыў орынлары ҳәм шөлкемлери хаққында мағлыўматлар берип өтти.
Сондай-ақ, университеттиң Илимий бөлиминиң баслығы Қ.Низаматдинов ҳәм Зийрек студентлер менен бирге ислесиў бөлиминиң баслығы А.Тажимуратова қәбилетли хәм илимге қызығыўшы жасларға бөлимдеги имканиятлар хаққында айтып өтти.
Және де, ушырасыўдағы тийкарғы мақсет – зийрек студентлер арасынан бир волонтёр таярланды хәм грантларды жаслар арасына үгит-нәсиятлаў ўазыйпалары белгилеп алынды.
Динора БЕГДУЛЛАЕВА,
Шет-тиллери факультетиниң 1-курс студенти.
