Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Жаслар аўқамы кенеси басламасы менен университетимиз әтирапын еле де көклемзарластырыў мақсетинде «Елимиз абаданлығына өз үлесиңди қос!» ураны астында акция шөлкемлестирилмекте.
Мине, бул акцияға университеттиң пидайы студент-жаслары белсене қатнасып, әтирапты абаданластырыў, ҳәр қыйлы терек нәллерин егиў, тереклерди ҳәклеў, шығындыларды арнаўлы тийисли орынларға алып барыў жумысларын атқармақта.
Бүгин ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов акция қатнасыўшыларына ҳармасынға келип, пидайылық көрсетип атырған студент-жасларға өзиниң миннетдаршылығын билдирип, бундай ийгиликли басламаларын барқулла қоллап-қуўатлаўын билдирди.
«Елимиз абаданлығына өз үлесиңди қос!» ураны астында шөлкемлестирилип атырған акция даўам етпекте…
ҚМУ Баспасөз хызмети.

