КИТАПҚУМАРЛАР АНЫҚЛАНДЫ

Университетимиздиң “Китапқумарлар клубы”ның үш жасқа толыӯы мүнәсебети менен усы жылдың 2-март сәнесинде Мәлимлеме ресурс орайында Нөкис қаласы ҳәм Хөжели районлық улыӯма орта билим бериӯ мектеплери ортасында “Китапқумарлар зәкаӯаты” интеллектуал ойыны болып өтти.

Таңлаўды Мәлимлеме ресурс орайының директоры Н.Шаригатова, бир қатар мийманлар: Ж.Сейтмуратов, Ж.Муратбаев ҳәм Г.Коллықылишовалар кирис сөз бенен ашып берди ҳәм қатнасыўшыларды жарыстың басланыўы менен қызғын қутлықлады.

“Китапқумарлар Зәкаӯаты” интеллектуал ойыны тийкарынан әдебий китаплар ҳәм логикалық сораўлардан дүзилген болып, бир-биринен шаққан, зийрек, ақыллы топар командалары қатнасыўында өтти.

Таңлаўға жәми 3 команда қатнасып, “Антакия” командасы 1-орынды, “Аязий” 2-орын ҳәм де “Билимданлар” топары 3-орынды ийеледи.

Әлбетте, таңлаўдың жеңимпазлары жақында болып өтетуғын  “Китапқумарлар клубы”ның үш жасқа толыӯ байрамы қарсаңында сыйлықланады.

 Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң

1-курс студенти.

Пайдалы дереклер