Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жаслар сиясатына байланыслы әҳмийетли 5 басламаның 4-бағдары «Жаслар ортасында китапқумарлықты кең ен жайдырыў, жасларды китапқумарлыққа бағдарлаў» бойынша қатар ис-илажлар алып барылмақта. Усындай илажлардың бири жақында Қарақалпақ мәмлекетлик университети Физика факультети Электр энергетикасы кафедрасының «Жас энергетиклер дөгереги» тәрепинен «Заковат» интеллектуал ойыны 5-тур финал басқышы болып өтти.
Өткерилген илаждың мақсети – студентлерди китапқумарлыққа бағдарлаў болып есапланады. Ҳәр бир курс арасында өткерилген, жәми төрт тур бойынша жеңимпаз болған, 1-2-3-орынды ийелеген командаларға финал басқышына жолланба берилген болса, финал басқышында жәми 12 команда қатнасты.
Финал басқышы ойыны жүдә қызықлы ҳәм көтериңки руўхта болып өтти.
Ойын жумағына келип командалар топлаған баллары тийкарында жеңимпаз командалар анықланды.
Нәтийжелер бойынша:
1-орынды 3-А Мерталогия «Аndromedа» командасы,
2-орынды 1-А Энергетика «Pozitiv» командасы,
3-орынды 2-А Электр энергетика «Google» командалары ийеледи.
Жеңимпаз болған командаларға кафедрамыз тәрепинен диплом, медаль, естелик саўғалары ҳәм де биринши орынды ийелеген командаға Электр энергетикасы кафедрасының көшпели кубогы тапсырылды.
Заковат интеллектуал ойыны, финал басқышына қатнасқан басқа командалар ҳәм де шөлкемлестириў жумысларында белсене қатнасқан студентлер, естелик саўғалары ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.
Серикбол Қулахметов,
Физика факультетиниң 3-курс студенти.
