Физика факультетинде мини-футбол бойынша жарыс шөлкемлестирилди

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасында, атап айтқанда, Қарақалпақстанда спортты раўажландырыўға ҳәм жас спортшыларды халықаралық көлемдеги жарысларға таярлаў, физикалық потенциалы жоқары спортшыларды таярлаўға үлкен итибар қаратылмақта.

Мәмлекетимизде денетәрбиясы ҳәм спортты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў, спорттың ҳәр қыйлы түрлерин буннан былай да  ен жайдырыў, спорт пенен шуғылланыў ушын қолайлы шараятлар ҳәм инфраструктураны жаратыўға қаратылған комплексли илажлар әмелге асырылмақта.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан Республикасында әмелдеги барлық жоқары оқыў орынларында, студентлердиң спорт пенен шуғылланыўы ушын барлық шәрт шәраятлар жаратылған.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтыӊ жаслардың руўхый дүньясын көтериў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў бойынша 5 әҳмийетли басламасыныӊ екинши бағдары “Жасларды физикалық шынықтырыў, олардың спорт саласында қәбилетин арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылыўына тийкарланған” басламаның орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде Физика факультетинде «Спорт-денсаўлық гереўи» сүрени астында спорттың мини-футбол түри бойынша жарыс болып өтти.

Жарыс Физика факультетиниң барлық курс қәнигеликлери студентлери ортасында болып өтти.

Мини-футбол ойынлары өз-ара кескин беллесиўлер астында болып өтти. Жарыс нәтийжелерине көре:

1-орынды 4-курс Электр энергетикасы қәнигелиги,

2-орынды 1-курс Энергетика қәнигелиги,

3-орынды 3-курс Электр энергетикасы қәнигелиги командалары ийеледи.

Жоқары орынларды ийелеген командаларға  факультетимиз тәрепинен диплом, медаллар ҳәм де естелик саўғалары тапсырылды. Футбол жарысына қатнасқан басқа командалар ҳәм де шөлкемлестириў жумысларында белсене қатнасқан студентлер, естелик саўғалары ҳәм ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

Серикбол Қулахметов,

Физика факультетиниң 3-курс студенти.

Пайдалы дереклер