Бүгин Бердақ атындағы ҚМУ мәденият сарайында 8-март – «Халықаралық ҳаял-қызлар күни» байрамы мүнәсибети менен университетте тәлим алып атырған студент-қызлардың аналары менен ушырасыў өткерилди.
Ушырасыўда ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов, ҚМУ Ҳаял-қызлар шөлкеминиң баслығы И.Сейтназарова ҳәм студент-қызлардың аналары шығып сөйлеп, байрам менен бәрше ҳаял-қызларды қутлықлады.
Университетимизде бүгинги күнде 5511 студент-қызлар тәлим алып атырған болып, олардың бәри де, өзлериниң билими ҳәм уқыбы, ибратлы ислери менен көзге тасланып киятырғанлығын биз мудамы мақтаныш етемиз.
Әсиресе, Президентимиздиң 4-март күнги «Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққында»ғы қарарына муўапық университетимизден 2 қызымыз усы сыйлыққа мүнәсип деп табылғаны университет жәмәәтине ҳақықый байрам саўғасы болды.
Кешеде өзиниң белсендилиги, оқыў ҳәм жәмийетлик жумысларда белсендилик көрсетип киятырған студент-қызлардың ата-аналарына университет басшылығы тәрепинен «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм саўғалар тапсырылды.
ҚМУ Баспасөз хызмети.
