Соңғы жыллары билимлендириў саласында сырт еллердиң алдыңғы тәжирийбелерин университетимизде оқыў процессине енгизиў мақсетинде көпшилик еллердиң жоқары оқыў орынлары ректорлары менен шәртнама-меморандумлар дүзилген болып, бул өз нәтийжесин берип келмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги «Жоқары билимлендириў системасын және де раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы бойынша экономика факультети «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит», «Экономика» тәлим бағдарының 1-курс магистрантларына ҳәм 4-курс студентлерине «Финанслық есабаттың халықаралық стандарты» пәнинен усы жылдың 5-март сәнесинен 15-март сәнесине шекем Россия Федерациясының Кубан мәмлекетлик университетиниң доценти, экономика илимлериниң кандидаты Бугаев Денис Александрович лекция ҳәм әмелий сабақлар өтпекте.
Әлбетте, бундай сырт елли профессор-оқытыўшылардың сабақ өтиўи студентлердиң оқыў көнликпелериниң артыўында өзиниң нәтийжесин береди.
ҚМУ Баспасөз хызмети.
