5-Хожели сайлаў округинен сайланған депутат Ибрагимов Мухтор Мамутович мүрәжаты

Ҳүрметли Ўатанласлар!

Ҳүрметли Президентимиз басшылығында халқымызды коронавирус пандемиясынан сақлаў, экономика тармақларында жүзеге келетуғын финанслық зыянлардан қорғаў, социаллық орталыққа мүтәж журтласларымызды және де қыйын жағдайға түсип қалыўдан сақлаў бойынша барлық зәрүр илажлар көрилип атыр.

Ҳәр биримиз кеселликти жәмәәтимиз, шаңарағымызға алып кирмеўге жуўапкермиз. Халық арасында қорқынышлы ҳәм ҳаўлықтырыўшы гәплерди тарқатыўға жол қоймаўымыз лазым.

ӨзЛиДеП киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти, фермерлер мәплерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайды.

Усы сынаўлы күнлерде перзентлеримиз бенен бирге аралықтан тәлим алыў, китап оқыў, үй ҳәм бәҳәрги жумысларды ислеў арқалы шаңарағымыз абаданлығы ҳәм Ўатанымыз раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан боламыз.

Әзиз Ўатанласлар!

Ҳәммемиз белди беккем буўып, ҳүрметли Президентимиз әтирапында бирлесип, бир-биримизди абайлап-сақлайық. Сонда ғана бул сынаўлы күнлерди биргеликте жеңип өтемиз.

Пайдалы дереклер