Бүгинги дүнья жүзинде болып атырған пандемия апатшылығы бизиң Ўатанымызды да шетлеп өтпеди. Вирустың елимизге кирип келиўинен халқымыздың денсаўлығына итибар аўдарыў ҳәм оларды вирустан сақлаў мақсетинде карантин дағазаланды.
Солар қатарында жоқары оқыў орынлары ҳәм басқа билимлендириў мекемелериде жумысларын тоқтатты. Дүнья жүзинде болып атырған бул пандемия апатшылығын жеңиў имканияты болмай атыр. Ҳәзирги жағдайды есапқа алған ҳалда ҳәр биримиз, ўақыттан үнемли пайдаланыўымыз керек. Оқыўдан карантин ушын үйлеримизге қайтыўымыз бенен ақ тәжрийбели устазларымыздың күни-түни мийнет етиўи нәтийжесинде онлайн оқыў системасының жолға қойылыўы ҳәм ҳәрбир студентти итибардан шетте қалдырмай аралықтан турып оқытыў системаларының жолға қойылыўы бизди куўанышқа бөледи.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен 14 рәсмий сайттың бийпул жолға қойылыўы, аудио ҳәм видео сабақлықлардың тәжрийбели педогог устазлар тәрепинен таярланып, студентлер менен бирге ислесиў ҳәр күни даўаметпекте…
Устазларымыз ҳәм факультет басшыларымыздың ҳәр биримиз бенен телефон арқалы сәўбетлесип, онлайн сабақларда машқалалар ҳәм кемшиликлерди сораўнама қылып қадағалап келмекте.
Ўақыт асаў, жүйрик зат. Биз устазларымыздың мийнетлерин есапқа алған ҳалда, ҳәрекет қылыўымыз шәрт.
Дүнья жүзине белгили Америка, Франция, Россия ҳ.т.б мәмлекетлерде онлайн сабақлар менен бирге, устазларынан қосымша тапсырмалар алып ислеў ҳәм бундай системаның пәнлерди өзлестириўде, нәтийжениң жоқары екенлигин айтып өтеди.
Биз ҳеш кимнен кем емеспиз, бул апат тек бизлердиң емес, бәлким пүткил дүнья жүзин жаўлап алып атырғанын есапқа алып, өз үстимизде излениўден тоқтамаўымыз керек.
Президентимиздиң муражәтинде «Әзийз перзентлерим, үйде ўақтыңызды бийкар өткизбең! Онлайн сабақларды қунт пенен өзлестириң. Китап оқың, билимиңизди асырың, дене тәрбия ҳәм шынығыўларды бир күнде қалдырмаң» – деген сөзлерин ҳәр күни ескетен шығармаўымыз шәрт.
Айырым студентлер интернетке кириўде машқалалар болып атырғанлығын еситип атырмыз. Бундай жағдайлар бизлердиң тәлим алыўымыз ушын тосық болмаўы керек. Жасырарлығы жоқ алыс аўыллық жерлерде, интернет жоқ яки тезлиги пәс болыўы мумкин. Бундай жағдайларда биз қарап отырмай әдебий китапларды оқып барыўымыз ҳәм спорт пенен шуғылланып барыўымыз керек.
Күнделикли онлайн сабақларға ҳәр биримиз итибарлы болыўымыз шәрт. Бизлердиң денсаўлығымыз, тынышлығымыз, билим алыўымыз ушын күни –түни мийнет етип атырған инсанларға минетдаршылығымызды билдиремиз. Қуда қәлесе бул күнлерден аман өтип, ҳәммемиз оқыў орынларымызда оқыўымызды даўам етиўге исенемиз.
Султанбек Зияев,
ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика
факультети 2-курс студенти.