Өзбекстaн Республикасы Президентиниң 2018-жыл 19-декабрь күнги «Материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў тараўындағы хызметти түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў, илимий үйрениў, олардан ақылға сәйкес пайдаланыў ҳәм елимиздиң туристлик потенциалын жоқарылатыўда олардың орны ҳәм әҳмийетин арттырыўда материаллық мәдений мийрас тараўындағы мәмлекетлик қадағалаўын түптен жетилистириўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Усы жылдыӊ 29-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Қарақалпақстан тарийхының актуал машқалалары ҳәм Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген илим ғайраткери профессор М.-Ш.Қдырниязовтың 70-жыллығы» атамасында илимий-теориялық конференция онлайн форматта болып өтти.
Бул конференцияны өткериўден баслы мақсет, елимиздиң миллий мəмлекетшилик тарийхын өзинде сəўлелендирген бийбаҳа объектлерди, тарийхый ҳəм мəдений естеликлерди, тарийхый тулғаларды илимий жақтан үйрениў, қəстерлеп сақлаў ҳəм кеңнен үгит-нəсиятлаў бағдарында əмелге асырылған жумыслардың нəтийжесин кең жәмийетшиликке, әсиресе, жаслардың қəлбинде Ўатанды сүйиў, бабаларымызды мақтаныш етиў туйғысын күшейтиўден ибарат.
Республикамызда илим-пәнниң раўажланыўына үлес қосқан пидайы илим ғайраткерлери көпшиликти қурайды. Бирақ, солардыӊ қатарында өз илимий мектебин жарата алғанлар жүдә көп емес. Мине, усы илим пидайылары қатарына өткен әсирдиң 70-жылларында жергиликли археология мектебиниң қәлиплескен ўақтында тарийх илиминиң машақатлы, соның менен бирге қызықлы тармағына кирип келген Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети «Археология» кафедрасы профессоры, тарийх илимлериниӊ докторы, археолог илимпаз Муҳаммед-Шарип Қдырниязов болып табылады.
Ол 1980-жылы М.В.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетинде «Алтын Орда дәўириндеги Хорезм қалалары» атлы кандидатлық диссертациясын ҳәм 2005-жылы Самарқанд қаласында ӨзР ИА Археология институты қәнигелестирилген кеңесинде «XIII-XIV әсирлердеги Хорезм мәденияты» атамасындағы докторлық диссертациясын табыслы қорғап шығады.
1982-жылдан баслап Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң «Тарийх» кафедрасына үлкен оқытыўшы сыпатында жумыс ислеўди баслайды. Усы оқыў дәргайында ол сәл кем 40 жыл даўамында доцент, кейин профессор атағын алып, факультетте кафедра баслығы, факультет деканы лаўазымларында пидайы мийнет алып барады.
М-Ш.Қдырниязовтың тиккелей басшылығында 5 кандидатлық диссертациялар табыслы жақланады, ал, ҳәзирги ўақытта үш илимий хызметкердиң докторлық диссертациялары жуўмақлаў алдында тур.
Бүгинге шекем оның 250 ге шамалас мақала ҳәм тезислери, 15 ке жақын монографиялары, оқыў қолланбалары баспадан шығарылған.
Өзиниң көп жыллық мийнети, үлкен илимий мийрасы менен пидайы алым Муҳаммед-Шарип Қдырниязов Қарақaлпақстан археологиясында өшпес из қалдырды. 2018-жылы оған ҳүкиметимиз тәрепинен «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағы бериледи.
Конференцияны Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры, профессор А.Реймов кирис сөзи менен ашып берди ҳәм онлайн конференция ислерине табыслар тиледи.
Конференцияны Тарийх факультети деканы т.и.к., доцент С.Сулайманов алып барды. Буннан соң, Өзбекстан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими Гуманитар институты Археология бөлиминиң баслығы, т.и.к., профессор, Өзбекстан Қаҳарманы Ғ.Хожаниязов, т.и.д., профессор Б.Қощанов, Өзбекстан Илимлер Академиясы Миллий археология орайы директоры Ф.Махсудов, т.и.к., доцент Ж.Хакимниязов, Өзбекстан миллий университети профессоры, академик А.Сагдуллаев, ӨзИАҚҚБ ГИИИ директоры орынбасары М.Қарлыбаев, т.и.д., профессор Р.Уразбаева, Андижан мәмлекетлик университети Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры Б.Расулов, т.и.к., С.Р.Баратов, т.и.к., доцент Б.Турғанов (НМПИ), т.и.к., доцент Р.Холикова (ЎзМУ), т.и.к., доцент А.Қудияров, т.и.к., доцент М.Туребеков, т.и.к., доцент Г.Туреевалар онлайн тәризде қатнасып, өз сөзлеринде устаз алымның өткен әсирдиң 70-жылларында жергиликли археология мектебиниң қәлиплескен ўақтында тарийх илиминиң машақатлы соның менен бирге қызықлы тармағына кирип келгенлигин, республикамызда илим пәнниң раўажланыўына үлес қосқан пидайы илим ғайраткери болғанлығын айрықша атап өтеди.
Конференцияға устаз алымның перзенти ҚМУ «Археология» кафедрасы ў.ў.а. доценти О.-Ш.Қдырниязов та онлайн тәризде қатнасып, бүгинги конференция шөлкемлестириўшилерине ҳәм қатнасыўшыларына өзиниң ҳәм шаңарақ ағзаларының атынан миннетдаршылық билдирди.
Буннан соң ҚМУ Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры г.и.д., доцент И.Турдымамбетов бүгинги конференцияның мақсетке муўапық тәризде өткерилгенлигин, Тарийх факультети жәмәәтиниң алдағы жумысларына тасқын табыслар тиледи.
Терең ҳәм кең билимли, ҳадал туўры сөзли, киши пейил инсан Муҳаммед-Шарип Қдырниязовтың жарқын келбети бәрше кәсиплеслери, археолог дослары ҳәм устаз жаратқан мектеп шәкиртлери, перзентлери ҳәм жақынларының қәлбинде узақ сақланып қалады.
ҚМУ Баспасөз хызмети.
